Бажыхана уйымлары тәрепинен бажыхана нызамларын бузыў жағдайларына қарсы системалы түрде кескин гүрес алып барылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана постының хызметкерлери тәрепинен сырт елге жол алған поезд вагонларының қурамы белгиленген тәртипте бажыхана қадағалаўынан өткерилди.

Нәтийжеде усы поезд вагонларының биринде тамбур жанындағы раковинаның астына улыўма баҳасы 20,3 миллион сумлық 29 дана қаракөл терилери жасырылған ҳалда, нызамсыз алып кетилип атырғанлығы анықланды, деп хабар бермекте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайты.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тексериў жумыслары даўам еттирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги