Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Өзбекстан «Адолат» СДП Әмиўдәрья районлық Кеңеси тәрепинен райондағы дем алыў бағында «Биз коррупцияға қарсымыз!» сүрени астында митинг шөлкемлестирилди. Оған партияның районлық Кеңесиниң хызметкерлери, белсендилери, жергиликли Кеңес депутатлары ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Митингте, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, быйылғы болып өтетуғын сайлаўлардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Коррупцияны сапластырыў, суд-ҳуқық системасындағы реформаларды еле де тереңлестириў ҳәм халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң бийпул болыўына ерисиўде партия алдында турған ўазыйпалар туўралы мағлыўматлар берилди.

– Митингке қатнасып атырғанлардың көпшилиги жаслар болғанлығы себепли, сайлаў нызамшылығы ҳәм жаңа Сайлаў кодекси туўралы да түсиниклер берилди,-дейди партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баспасөз хаткери А.Оразымбетова.

Митинг шеңберинде интерактив ойынлар шөлкемлестирилип, саўғалы викториналарда қатнасыўшылардың барлығы белсене қатнасты. Өз билимин ҳәм шаққанлығын көрсеткен жеңимпазлар естелик саўғалары менен сыйлықланып барылды.

Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.