«Khan Аcademy Uzbek» – өзбек тилиндеги онлайн билимлендириў платформасы (xanakademiyasi.uz)  рәсмий түрде иске қосылды. Зәрүр пәнлер бойынша халықаралық билимлерди өзинде жәмлеген бул онлайн тәлим бийпул.

18-октябрь күни Ташкент қаласындағы Инҳа университетинде бул өзбек тилиндеги дәслепки онлайн платформанының презентациясы болып өтти. Илажда мәмлекетимиздеги бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар, дипломатиялық корпус, сырт ел ҳәм жергиликли компаниялардың ўәкиллери, улыўма билим бериў пәнлериниң оқытыўшылары, қәбилетли оқыўшылар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң директоры Сарвар Бобохўжаев, Жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң баслығы Алишер Саъдуллаев ҳәм басқалар өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген сәне алдынан иске қосылған бул жойбар мәмлекеттиң билимлендириў системасында жаңа бет ашыўы менен бирге илимде жоқары шеклерди гөзлеген жаслар ушын мүнәсип саўға екенин атап өтти.

Қатнасыўшылар өзбек тилиндеги онлайн билимлендириў платформасы менен жақыннан танысты.

Глобаллық тармақта «Khan Academy» онлайн билимлендириў платформасы бар. Ол математика, физика, химия, биология, экономика, инглис  тили грамматикасы, медицина, астрономия, финанс, тарийх сыяқлы пәнлер бойынша 10 мыңнан аслам видеосабақ ҳәм 100 мыңнан аслам темаға байланыслы интерактив шынығыўларды өзинде жәмлеген.

Интернетте пәнлер бойынша өзбек тилиндеги мағлыўматлардың жетиспеўшилигин сапластырыў мақсетинде өзбекстанлы бир топар кеўиллилер платформа контентин локализациялаў, яғный өзбек тилине аўдармалаўға бел байлаған еди. Арадан жети ай өтип, жойбардың авторлары Ботир Орифжонов, Нигора Орифжонова, Умид Ишмуҳаммедовлардың басшылығында қәлиплескен команда қәўендерлер, мәмлекетимиздеги тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, шөлкемлердиң жәрдеминде «Хан» өзбек академиясын жаратыўға муўапық болды.

«Khan Аcademy Uzbek» тийкарын салыўшыларының айтыўынша, жети ай бундай үлкен жойбарды әмелге асырыў ушын оғада қысқа ўақыт. Усы ўақыт даўамында «Хан академиясы» мағлыўматларының 61 проценти аўдармаланған, 712 видео сабақ жаратылған.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, бул билимлендириў платформасы бир қатар өзгешеликлерге ийе. Бириншиден, бағдарлама системасы қурамалы үйрениўге тийкарланған. Платформадағы жасалма ақыл оқыўшының билим дәрежесин турақлы арттырып барыўына итибар қаратады. Екиншиден, шынығыўлар индивидуалластырылған, оқыўшының қабыл етиў тезлиги, қәбилетине қарап билим алыў имканияты жаратылған. Статистика ҳәм оқыўшының өзлестириў дәрежесин билип барыў мүмкин. Сондай-ақ, онлайн-платформада дизимнен өтпей турып та пайдаланыў имканияты бар.

Усынылған мағлыўматлар бойынша, жойбарды әмелге асырыўда 800 ден аслам донор қатнасқан. Платформаның 3 жыллық қаржы режеси 514 мың 216 долларға тең, ҳәзирги ўақытқа шекем усы қаржының 200 мың доллары қәўендерлер тәрепинен қапланған. Соның менен бирге бул жойбарды қәлеген адам қоллап-қуўатлаўы мүмкин.

Илаж шеңберинде «Khan Academy Uzbek»ди әмелге асырыўда жәрдем берген қәўендерлер сыйлықланды.

23.JPG

7.JPG

2.JPG

 

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы