Өзбекстан бойлап жаслардың стартап-басламаларын қоллап-қуўатлайтуғын  «Стартап-басламалар» бағдарламасында қатнасыў ушын жаслардан арзаларды қабыллаў басланды. Быйыл ең жақсы жойбар ийелери стартапты жаратыў менен байланыслы билим ҳәм тәжирийбе алыўдан тысқары өз жойбарларын раўажландырыў ушын бағдарламаның корпоратив қәўендерлериниң ресурсларынан пайдаланыў имканиятына ҳәм 50 миллион сумға шекем қаржылай сыйлыққа ийе болады.

Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жасларға усы бағдарлама ҳаққында мағлыўмат бериў ҳәм онда қатнасыў шәртлери менен таныстырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен БМШ Раўажландырыў Бағдарламасының «Өзбекстанда жаслар бәнтлигине жәрдемлесиў» қоспа жойбары бойынша компонент менеджери У.Рахимжанов, Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық кеңесиниң бөлим баслығы Р.Юсупова қатнасыўында илаж өткерилди.

2016-жылдан берли өткерилип атырған «Стартап-басламалар» бағдарламасы жасларға өз стартапларын жаратыў ҳәм исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыўы ушын жәрдемлесиўге қаратылған. Бағдарлама БМШ Раўажландырыў Бағдарламасы ҳәм Саўда-санаат палатасының бирге ислесиўиниң нәтийжеси болып, быйыл төртинши мәрте Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери министрлиги тәрепинен Өзбекстан Жаслар аўқамы, Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки, БМШ Раўажландырыў Бағдарламасы менен Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң Россия Федерациясы қаржыландырып атырған  «Өзбекстанда жаслар бәнтлигине көмеклесиў» қоспа жойбары шеңберинде әмелге асырылмақта.

Бағдарламада 16 жастан өткен жаслар, исбилерменлер, студентлер, жоқары оқыў орынларының оқытыўшылары, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжи питкериўшилери қатнасыў ҳуқықына ийе болып, қатнасыўшылардан арзалар усы жылдың 6-октябрь сәнесине шекем қабыл етиледи.

Усы жылдың октябрь айы ақырына шекем барлық стартап-жойбарлар бойынша арзалар көрип шығылып, бағдарламада қатнасыў ушын ең жақсылары сайлап алынады ҳәм үш айлық бағдарлама өз жумысын баслайды. Быйылғы жылы стартап-жойбарлар республикамыздың барлық аймақларынан усынылып атырғаны әҳмийетли болып, олар аўыл-хожалығы, логистика, финанс, билимлендириў ҳәм басқа тараўларды қамтып алады. Бағдарлама бес күнлик интенсив семинар менен басланып, соң жас стартапшылар жойбарларын әмелге асырыўға кириседи. Онда стартапларды жаратыўда үлкен тәжирийбеге ийе исбилерменлер – трекерлер бағдар ҳәм мәсләҳәтлер берип барады. Үш айлық бағдарлама нәтийжелерине бола, питкериўши стартапшылар мәпдар шөлкемлерди ҳәм инвесторларды тартыў ушын «Demo Day» ҳәм Республика инновациялық идеялар, технологиялар ҳәм жойбарлар ярмаркасында өз жойбарларын таныстырады. Әҳмийетлиси, стартапшы қызларға айрықша жеңилликлер жаратылған болып, өз алдына хошаметленеди.

– Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасының жаслары арасында бағдарламаға қызығыўшылық күшли. Себеби, мәлимлеме технологиялары, санластырыў келешеги жарқын, раўажланыўын, ғалабаласыўын тоқтатып болмайтуғын тараў болып табылады, – дейди Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен БМШ Раўажландырыў Бағдарламасының «Өзбекстанда жаслар бәнтлигине жәрдемлесиў» қоспа жойбары бойынша компонент менеджери Усмон Рахимжанов. -Усы тараўға қызығатуғын жасларға имканиятлар жаратып, зәрүрли билим ҳәм тәжирийбелерди бериўимиз керек. Қарақалпақстан үлкен аймақ есапланып, соған жараса өзгерислер, машқалалар ҳәм имканиятлары да үлкен. Усылардың барлығын терең ҳәм дурыс баҳалап, жасларға имканиятлар менен шараятлар жаратып бериўимиз керек.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.