Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаның биринши басқышының орынланыўын тәмийинлеў, оны жасларымыз арасында кеңнен үгитнәсиятлаўға бағышланған «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!»  сүрени астында мәдений илаж болып өтти.

Елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышлап Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрының басламасы менен шөлкемлестирилген илажда усы театр жанындағы дөретиўшилик клублардың ағзалары, улыўма билим бериў, сондай-ақ, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринен бир жүз елиўден аслам қәбилетли оқыўшы қатнасты.

2.jpg

7.jpg

Атап өтилгениндей, биринши баслама тийкарынан мәденият, әдебият, көркем өнерге қызығыўшы жасларды қоллап-қуўатлаў болып табылады. Усы тийкарда «Социаллық тармақлардың жаслар турмысында тутқан орны» темасында мақалалар, «Театр өмири» темасында жас сүўретшилер, «Миллий ҳәм заманагөй аяқ ойынлар» таңлаўлары өткерилди.

8.jpg

20.jpg

Мақалалар таңлаўы бойынша театрдың «Жас драматурглер» клубының ағзасы  Малика Иманова биринши, Жаслар орайындағы клуб дөгерегиниң ағзасы Рита Камалатдинова екинши, И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң  оқыўшысы Абдирашид Исмаилов үшинши, сүўретлеў өнери бойынша 1-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Қудайберген Амангелдиев биринши, 7-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Зарнигар Турсынбаева екинши, усы мектептиң оқыўшысы Бегали Жумадурдиев үшинши, хореография бойынша 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң «Айқулақ» ансамбли биринши, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқыўшысы Еркебай Дәўлетбаев екинши,  1-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы үшинши орынларды ийеледи.

24.jpg

-Бүгинги күни бизде «Жас драматурглер», «Аяқ ойын», «Жас сүўретшилер» ҳәм «Жас актёрлар» дөретиўшилик клублары ҳәрекет етип, оларға жетпистен аслам оқыўшы қатнасады,-дейди Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры директорының орынбасары Әдилбек Сейтов.-Илажды өткериўдеги мақсет, қәбилетли жасларды анықлаў, оларды усы дөретиўшилик клублар менен жақыннан таныстырыў ҳәм ағзалыққа мирәт етиўден ибарат.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және естелик саўғалары тапсырылды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.