«Ягона умумреспублика процессинг маркази» ЖШЖ товар ҳәм хызметлер ушын аралықтан турып нақ пулсыз төлемди әмелге асырыў ушын мөлшерленген Uzcard мобиль қосымшасын иске қосты. Қосымшаға жәриймалар ҳаққында онлайн мағлыўматлардан хабардар болыў ҳәм оларды онлайн түрде төлеў имканиятын беретуғын «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасының хабарлары» хызмети де киргизилген.

«Ягона умумреспублика процессинг маркази» ЖШЖдан алынған мағлыўматқа бола, жаңа қосымша коммунал, интернет, мобиль байланыс хызметлери ушын төлемлерди ҳәм салықларды аралықтан турып әмелге асырыў сыяқлы көплеген функциялардан пайдаланыў имканиятын береди.

MyUzcard қосымшасы бир қатар инновациялық қолланбалар бойынша қолайлы болып есапланады. Мәселен, онда пластик картадан басқа картаға ақша өткериў ушын ақшаны қабыл етиўшиниң карта санын билиўи шәрт емес. Ақшаларды қосымшада бар болған @username ҳәм QR-код арқалы өткерсе де болады.

Қосымша өзине тән интерфейс ҳәм функцияларға ийе. Пайдаланыўшылар қосымша дизайнын, безеўин өзлери өзгертиўи мүмкин, керекли виджетлер ҳәм тийкарғы экранды қойыў имканияты усынылған.

Қосымшаның «Төлемлер тарийхы» функциясы арқалы жеке қаржыларды және де нәтийжели басқарыў ҳәм елимизде әмелде болған валюталар курсын бақлап барыў хызмети усынылады.

MyUzcard қосымшасы Uzcard карталары менен бирге Uzcard-UnionPay кобейджинг карталарына да хызмет көрсетеди. Усы сервистен мобиль қосымшалар ҳәм Telegram-бот сайты арқалы пайдаланыў мүмкин.

Ҳәзирги ўақытта MyUzcard қосымшасын App Store ҳәм Google Play системасынан жүклеп алыў мүмкин.

Роман БОНДАРЧУК, ӨзА