Өзбекстандағы улыўма билим бериў мектеплеринде жаңа оқыў жылы 2019-жылдың 4-сентябрь күнинен басланады, деп хабар бермекте Халық билимлендириў министрлиги.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-ноябрьдеги «2019-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен 31-августтан 3-сентябрьге шекем дем алыс күнлери деп белгиленген.

Сол себепли, улыўма билим бериў мектеплеринде жаңа 2019-2020-оқыў жылы 4-сентябрьден басланады, деп жазылған хабарда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.