Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Телекоммуникация факультетиниң питкериўшиси Хожиакбар Ботиров Erasmus + бағдарламасы шеңберинде Астон университети (Уллы Британия), Париж-Сакле университети (Франция) ҳәм Афина университети (Греция)нде грант тийкарында магистратурада оқыў имканиятына ийе болды.

Оның атап өтиўинше, өзи Erasmus + бағдарламасы ҳаққында достынан еситкеннен соң рәсмий веб-сайттан сәйкес бағдарламаларды излеген. Оның тийкарғы итибарын мағлыўматлар жеткериў системалары тартқан және «SmartNet» бағдарламасы сәйкес келген.

Хожиакбардың айтыўынша, бул бағдарламаны сайлаўдың тийкарғы себеби – бағдарлама елимизде еле интеграцияласпаған темалар ҳәм технологияларды өз ишине алған. Оның атап өтиўинше, ҳүжжетлер ҳәм керекли сертификатларды тапсырыўда қыйыншылықларға дус келмеген. Сораўлар пайда болғаннан соң дәрриў «SmartNet» ўәкилине хат жазған ҳәм 3-4 күнниң ишинде жуўап алған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.