30-июль күни болып өткен тест сынақларында Өзбекстан бойынша улыўма 71 мың 340 абитуриент қатнасыўы белгиленген еди. Соннан 69 мың 374 абитуриент тест сынақларына қатнасты. 1928 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы тест сынақларына келмеген.

Тест сынақларының қағыйдаларын бузғаны ушын 16 абитуриент тест өткерилетуғын имаратқа кириў орнында, 22 абитуриент болса имараттың ишинде тест сынақларынан шетлетилген.

Атап өтилиўинше, тест сынақлары ўақтында ҳеш қандай кеўилсиз жағдайлар жүз бермеген.

Бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша ең жоқары балл күндизги билимлендириў формасы бойынша Өзбекстан Миллий университетиниң математика бағдарында бақланған – 172,6 балл.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.