Ҳүрметли ата-аналар, жаңа оқыў жылының басланыўы менен жақын күнлерде перзентлериңиз ушын оқыў қуралларын сатып аласыз. Сол ўақытта абайлы болың. Себеби 12 бетли дәптерлердиң сыртқы тәрепиндеги сүўретлер менен жазыўлардың барлығы да дурыс мағлыўматлар тийкарында берилмегенлиги анықланбақта.

photo_2019-07-24_15-21-58.jpg

Бул 12 бетли дәптерди 7-10 жасар баланың пайдаланатуғынлығын есапқа алсақ, бул ойландыратуғындай жағдай. Өйткени дәптердеги ҳәр бир мағлыўматты бала дурыс деп қабыл етиўи мүмкин (дәптерлердиң сыртқы тәрепинде тийкарынан тарыйхымызға байланыслы мағлыўматлар бериледи). Соның ушын ҳәр бир ата-ананы перзентлерине дәптер сатып алғанда итибарлы ҳәм сергек болыўға шақырамыз.

Себеби перзентиңиздиң надурыс және қәте мағлыўмат алыўы, оның билим алыўындағы қәўипли «вирус» болып есапланады.

photo_2019-07-24_15-21-55.jpg

Бул хаққындағы толық мағлыўматты www.uza.uz сайты арқалы оқып алыўыңыз мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги