Клиникалық өлим жағдайындағы баланың оталаринголог-шыпакер тәрепинен қутқарып қалынғаны ҳаққындағы видеокөринис социаллық тармақларда кең тарқалды ҳәм шыпакердиң профессионал ҳәрекетлери және жоқары инсаныйлығы ушын мыңлаған миннетдаршылықлар билдирилди.

Бундай жағдайда қаҳарманлық көрсеткен 41 жасар шыпакер Сергей Владимирович Тобиас «Денсаўлықты сақлаў ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Бул сыйлықты Денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодмоновтың өзи тапсырып, халқымыздың саламатлығын сақлаўда медицина хызметкерлериниң орны оғада гиреўли екенлигин, сондай-ақ,  бундай тәжирийбели ҳәм өз ўазыйпасына жуўапкершиликли болған тараў хызметкерлериниң хызметин айрықша атап өтти.

photo5309858890155928511.jpg

-Перзентимди қутқарып қалған шыпакерден шексиз миннетдарман. Әке сыпатында шыпакердиң бул пидайылығын ҳеш нәрсеге теңлестире алмайман. Бул жағдай мен ушын ҳақыйқый қаҳарманлық,-дейди 2 жасар Умар Нуралиевтың әкеси Дилшод Раззоқов.

Еслетип өтемиз, Ташкент педиатрия медициналық институтын тамамлаған, пайтахтымыздағы жеке-меншик емлеўханалардан биринде жумыс ислеп атырған Сергей Тобиас реаниматолог болмаса да, кәсиплик шеберлигин көрсетип, клиникалық өлим жағдайында алып келинген 2 жасар бала Умар Нуриллаевты қутқарып қалған.

 

Денсаўлықты сақлаў министрлиги

Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими

ӨзА