Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2008-жыл 26-ноябрьдеги  8, 109-санлы қарары менен тастыйықланған «Гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса судланыўшыға адвокатлар тәрепинен юридикалық жәрдем көрсетиў бойынша қәрежетлерди мәмлекет есабынан өткериў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланған.

– Жынаят иси бойынша пуқараға юридикалық жәрдем көрсетиў ушын мәмлекет тәрепинен  адвокат ажыратылғанда, адвокатқа қанша муғдарда ҳақы төлеп бериледи?

Жураев ДОСТОН,

Жоқарғы судтың мүрәжатлар менен ислесиў басқармасының үлкен консулътанты:

– Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2008-жыл 26-ноябрьдеги  8, 109-санлы қарары менен тастыйықланған «Гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса судланыўшыға адвокатлар тәрепинен юридикалық жәрдем көрсетиў бойынша қәрежетлерди мәмлекет есабынан өткериў тәртиби ҳаққында»ғы режеге муўапық:

Сорастырыў процесинде, дәслепки тергеў басқышында, биринши  инстанция  судларында ҳәм апелляция, кассация ямаса қадағалаў тәртибинде көрилип атырған жумысларда адвокатлар тәрепинен юридикалық жәрдем көрсетилгенлиги ушын төлем ҳәр бир күн ушын ең кем айлық мийнет хақының 50 проценти муғдарында  әмелге асырылады.

Еки ҳәм оннан аслам шахсларға бир жынайый ис бойынша адвокатлар тәрепинен юридикалық жәрдем көрсетилгенлиги ушын төлем ҳәр бир исеним билдириўшиге (қорғаўдағы шахсқа) усы режениң 6 ҳәм 8- бәнтлеринде  белгиленген төлем муғдарының 80 проценти есабында әмелге асырылады.

Суд мәжилисиниң ҳәр бир тәнепис күни ушын төлем адвокатлар тәрепинен юридикалық жәрдем көрсетилгенлиги ушын усы режениң 6  ҳәм       7-бәнтлеринде белгиленген төлем муғдарының 50 проценти есабында әмелге асырылады.

Дем алыс ҳәм байрам (жумыс исленбейтуғын) күнлери адвокатлар тәрепинен юридикалық жәрдем көрсетилгенлиги ушын төлем ең кем айлық мийнет хақының 100 проценти муғдарында, түнги ўақытта болса ең кем айлық мийнет ҳақының 75 проценти муғдарында әмелге асырылады.

Адвокатлар тәрепинен юридикалық жәрдем көрсетиўге  байланыслы болған хызмет сапары ҳәм транспот қәрежетлериниң муғдары адвокатлық структурасы тәрепинен белгиленген тәртипте анықланады ҳәм мағлыўматнамада көрсетиледи.

 

ӨзА