Өзбекстанда шомылыў мәўсими 15-майдан баслап ашылып, 15-сентябрьге шекем даўам етеди. ӨзР Айырықша жағдайлар министрлиги басқарма баслығы Ш.Дадахановтың мәлим етиўинше, 2019-жылы шомылыў мәўсими басланбай атырып, суўға ығып қайтыс болғанлар саны 40 адамнан асламды қурады.

– 2018-жыл май айы жағдайына муўапық, суўға ығып қайтыс болғанлар саны 36 адамды қураған болса, 2019-жылдың сәйкес дәўиринде олардың саны 43 тен өтип кетти. Солардың 17 син ержетпегенлер қурайды, – деди Дадаханов.

Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында усындай бахытсыз ҳәдийсе ақыбетинде 6 адам биймезгил дүньядан көз жумған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.