Халықаралық балаларды қорғаў күни Қанлыкөл районында мың орынға мөлшерленген «Жайҳун» стадионын пайдаланыўға тапсырыў салтанаты болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы ҳәм жаңа стадионның пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде Президентимиздиң басламасы менен барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Усы жылдың февраль айында болып өткен видеоселектор мәжилисинде Қанлыкөл районын социаллық-экономикалық жақтан раўажланырыў бойынша  анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди.  Усы тийкарда районда бүгинги күни қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди.

Атап айтқанда, өткен айлар даўамында жәми 90 миллиард сумлық қаржы ажыратылып, соннан мәмлекетлик хызметлер орайының, Жаслар орайының, 180 орынлық Мәденият бөлиминиң қурылыс, район орайында еки мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң реконструкция, еки улыўма билим бериў мектебинде ири оңлаў, ҳәм басқа да 4 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бир қатарда, 22 көп қабатлы турақ жайдың ҳәм халыққа хызмет көрсетиў орынлары имаратлары қурылып, 19 көп қабатлы турақ жайда оңлаў жумыслары алып барылмақта. Районда 400 миллиард сум қаржы есабынан жылына 11 мың тонна ийирилген жип ислеп шығаратуғын «Кантекс инвест» текстил кәрханасы иске түсирилип, 500 жаңа жумыс орны жаратылды.

Республикамызда 3 мыңнан аслам спорт объектлеринде жасларымыз спорттың бир нешше түри менен турақлы шуғылланып киятырған болса, Халықаралық балаларды қорғаў күни олардың саны және биреўге көбейди. Жергиликли бюджет есабынан 6 миллиард сум қаржы есабынан қурылған  заманагөй жаңа стадион жасларымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылмақта.  Бул имаратты «Бахыт Миратдин қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары қысқа мүддетте сапалы етип питкерди.

Буннан кейин жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған жас спортшыларға Президент саўғалары, қурылыс жумысларын алып барған қурылысшыларға саўғалар тапсырылды.

-Жаңа стадионның Халықаралық балаларды қорғаў күни пайдаланыўға тапсырылыўы жасларымызға қос қуўаныш алып келди,-дейди Қанлыкөл районлық денетәрбиясы ҳәм спорт бөлиминиң баслығы Сапарбай Әбдираманов.-Бул жас спортшыларымыздың келешекте буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўине хызмет етеди.

Жаңа стадионды толтырған тамашагөйлер қызықлы футбол ойынларын тамаша етти. Дәслеп майданға Қанлыкөл ҳәм Хожели районларының жас футбошылары шықты. Ойын 2:2 есабында теңбе-тең жуўмақланды. Соңынан Нөкис қаласы ҳәм Хожели районы ветеранлары командаларының жолдаслық ушырасыўы болды. Бунда әўмет Хожели районы командасына күлип бақты. Ойыншыларға естелик саўғалары тапсырылды.

Республикамыз көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанларға айрықша заўық бағышлады.

Солай етип, районда Халықаралық балаларды қорғаў күнине бағышланған байрам тамашалары ҳәм жаңа стадионның пайдаланыўға тапсырыў салтанаты узақ даўам етти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.