Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан социаллық әҳмийетке ийе жойбар буйыртпалары қабыл етиледи:

– жаслардың бизнес басламалары, стартаплары, идеялары ҳәм жойбарларын әмелге асырыўға, бәнт болмаған жумыссыз жасларды пайдалы жумыс ислеўге үйретиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў;

– жаслардың интеллектуаллық потенциалларын жетилистириў, олардың инновациялық пикирлеўин, ойлап табыўшылық, рационализаторлық идеялар ҳәм нау-хауларды ислеп шығыўға бағдарлаў;

– өсип киятырған жас әўладты миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўға жәрдемлесиў, ана Ўатанға муҳаббат, бузғыншы идеяларға қарсы гүресиў иммунитетлерин және де күшейтиў;

– жасларды ўатанға садықлық, мәдений мийрасқа ҳүрмет сезимлерин беккемлеўге, миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўға, оларды ғалабалық мәденияттың унамсыз иллетлери тәсиринен қорғаўға жәрдемлесиў;

– жаслардың кең көлемли социаллық машқалаларын шешиўге, олардың басламалары ҳәм заманагөй идеяларын алға қойыўға қаратылған жойбарларын қоллап-қуўатлаў;

– жаслар арасында китап оқыў мәдениятын қәлиплестириў ҳәм китапқумарлықты халықтың кең қатламлары арасында үгит-нәсиятлаў;

– жас өспиримлер, жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға, «жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» идеясы тийкарында кең түрдеги үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыўда заманагөй инновациялық мәлимлеме-коммуникация технологияларынан нәтийжели пайдаланыў;

– жақын туўысқанлар ҳәм жаслар арасында ерте некениң алдын алыў, шаңарақта кери тәсир көрсететуғын, келиспеўшиликлерди келтирип шығаратуғын жағдайлардың алдын алыўға, саламат руўхый орталықты тәмийинлеўге жәрдемлесиў;

– өсип киятырған жас әўладта ата-ананы, кекселерди ҳүрмет етиў, қәдирлеў ҳәм оларға ғамқорлық көрсетиў сезимин қәлиплестириў;

– жасларды, әсиресе жас қызларды, жас шаңарақларды шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке, өнерментшиликти шөлкемлестириўине жәрдемлесиў;

– жәмлеспеген ҳәм нызамсыз мийнет мигрантлығы нәтийжесинде сырт мәмлекетлерден депортацияланған жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды елимиздеги дөретиўшилик жумысларына кеңнен тартыў.

Мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

 

  1. Шөлкем басшылары тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.

 

  1. www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза;

 

  1. Мәмлекетлик дизимнен өткерилген Устав (Режеси) ҳәм гүўалықтың мөр менен тастыйықланған нусқасы;

 

  1. 4. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.

 

  1. 5. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен дүзилген социаллық шериклик қоспа режелери қосымша етилиўи мүмкин.

 

Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 30 миллион сумға шекем.

 

Арзалар 2019-жыл 29-майдан 4-июльге шекем қабыл етиледи.

 

Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А-4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай.

 

Ҳүжжетлердиң үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик қордың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.

 

Мағлыўмат ушын телефонлар (0-371) 239-26-76, 239-26-86.