Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан социаллық әҳмийетке ийе жойбар буйыртпалары қабыл етиледи:
– жаслардың бизнес басламалары, стартаплары, идеялары ҳәм жойбарларын әмелге асырыўға, бәнт болмаған жумыссыз жасларды пайдалы жумыс ислеўге үйретиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў;
– жаслардың интеллектуаллық потенциалларын жетилистириў, олардың инновациялық пикирлеўин, ойлап табыўшылық, рационализаторлық идеялар ҳәм нау-хауларды ислеп шығыўға бағдарлаў;
– өсип киятырған жас әўладты миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўға жәрдемлесиў, ана Ўатанға муҳаббат, бузғыншы идеяларға қарсы гүресиў иммунитетлерин және де күшейтиў;
– жасларды ўатанға садықлық, мәдений мийрасқа ҳүрмет сезимлерин беккемлеўге, миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўға, оларды ғалабалық мәденияттың унамсыз иллетлери тәсиринен қорғаўға жәрдемлесиў;
– жаслардың кең көлемли социаллық машқалаларын шешиўге, олардың басламалары ҳәм заманагөй идеяларын алға қойыўға қаратылған жойбарларын қоллап-қуўатлаў;
– жаслар арасында китап оқыў мәдениятын қәлиплестириў ҳәм китапқумарлықты халықтың кең қатламлары арасында үгит-нәсиятлаў;
– жас өспиримлер, жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға, «жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» идеясы тийкарында кең түрдеги үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыўда заманагөй инновациялық мәлимлеме-коммуникация технологияларынан нәтийжели пайдаланыў;
– жақын туўысқанлар ҳәм жаслар арасында ерте некениң алдын алыў, шаңарақта кери тәсир көрсететуғын, келиспеўшиликлерди келтирип шығаратуғын жағдайлардың алдын алыўға, саламат руўхый орталықты тәмийинлеўге жәрдемлесиў;
– өсип киятырған жас әўладта ата-ананы, кекселерди ҳүрмет етиў, қәдирлеў ҳәм оларға ғамқорлық көрсетиў сезимин қәлиплестириў;
– жасларды, әсиресе жас қызларды, жас шаңарақларды шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке, өнерментшиликти шөлкемлестириўине жәрдемлесиў;
– жәмлеспеген ҳәм нызамсыз мийнет мигрантлығы нәтийжесинде сырт мәмлекетлерден депортацияланған жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды елимиздеги дөретиўшилик жумысларына кеңнен тартыў.
Мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- Шөлкем басшылары тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
- www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза;
- Мәмлекетлик дизимнен өткерилген Устав (Режеси) ҳәм гүўалықтың мөр менен тастыйықланған нусқасы;
- 4. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
- 5. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен дүзилген социаллық шериклик қоспа режелери қосымша етилиўи мүмкин.
Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 30 миллион сумға шекем.
Арзалар 2019-жыл 29-майдан 4-июльге шекем қабыл етиледи.
Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А-4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай.
Ҳүжжетлердиң үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик қордың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.
Мағлыўмат ушын телефонлар (0-371) 239-26-76, 239-26-86.