Ташкент қаласында 15-март күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми регионаллық антитеррорлық структурасы (ШБШ РАТС) шөлкемлестирилгениниң 15 жыллығы мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Онда ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары, дипломатиялық корпус, ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң ўәкиллери қатнасты.

Илажда структураның экстремизм, сепаратизм, региондағы бар машқалаларға шешим табыў, усы мақсетте халықаралық структуралар менен бирге ислесиўди раўажландырыў, ШБШға ағза мәмлекетлердиң қәўипсизлигин беккемлеў жолындағы жумысы әҳмийетли орынға ийе екени атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен структура Атқарыў комитетиниң қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўдеги жумысын буннан былай да нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм зәрүр шараят жаратыў мақсетинде Ташкентте ШБШ РАТСтың жаңа бир заманагөй имараты бой тикледи. Структура шөлкемлестирилгенлигиниң 15 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген илаж шеңберинде ол салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.

Сол күни ШБШ РАТС Кеңесиниң гезектеги, отыз төртинши мәжилиси болып өтти. Онда Ҳиндстан Республикасы, Қырғызстан Республикасы,  Пакистан Ислам Республикасы, Россия Федерациясы, Тәжикстан Республикасы, Өзбекстан Республикасының ўәкилликли уйымлары ҳәм ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң ўәкиллери қатнасты.

Россия Федерациясы басшылығында өткен мәжилисте ШБШ РАТС Кеңесиниң ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесине усынылатуғын 2018-жылғы жумысы ҳаққындағы есабаты мақулланды. ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәикилликли уйымлары ҳәм ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң 2016-2018-жыллары терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўде ШБШға ағза мәмлекетлердиң бирге ислесиў бағдарламасының орынланыўы бойынша жумысының жуўмақлары додаланды.

Илажда ШБШ РАТС Кеңеси қарарларының орынланыўына байланыслы мағлыўматлар көрип шығылды. ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлар экспертлеринен ибарат қоспа жумысшы топар ҳәм ШБШ РАТС Атқарыў комитети ўәкиллериниң 2017-2018-жыллары интернет тармағынан террористлик, сепаратистлик ҳәм экстремистлик мақсетлерде пайдаланыў жағдайларын анықлаў, олардың алдын алыў, сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўға байланыслы жумысы унамлы баҳаланды.

2019-жылы ШБШға ағза мәмлекетлер ўәкилликли уйымларының биргеликтеги «Сары-Арқа – Антитеррор-2019» шынығыўлары, «Тилеклеслик-2019-2021» шегара әмелиятының биринши басқышы, ШБШға ағза мәмлекетлер шегара хызметлери басшыларының жетинши мәжилиси ҳәм шөлкемге ағза мәмлекетлердиң қәнигелери ушын интернет тармағынан террористлик, сепаратистлик ҳәм экстремистлик мақсетлерде пайдаланыў жағдайларын анықлаў, олардың алдын алыў, сапластырыў бойынша семинар-тренинг өткериў бойынша қарарлар қабыл етилди.

ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң өткен дәўирдеги жумысына унамлы баҳа берилди.

ШБШ РАТС жумысын раўажландырыў ҳәм шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында бирге ислесиўди беккемлеўге қосқан үлеси ушын ШБШ РАТСда өз жумысын жуўамақлаған Қытай Халық Республикасыниң ўәкили Ли Вэй ҳәм Пакистан Ислам Республикасының ўәкили Тансим Асламға «ШБШға ағза мәмлекеттиң ШБШ РАТС Кеңесиндеги ҳүрметли ўәкили» атағы берилди. ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары ҳәм ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң бир қатар хызметкерлери Кеңестиң ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик нышанлары менен сыйлықланды.

ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң жумысын шөлкемлестириў, кадрлар ҳәм финанслық жақтан тәмийинлеў мәселелери бойынша қарарлар қабыл етилди.

ШБШ РАТС Атқарыў комитетиниң гезектеги мәжилисин 2019-жылы сентябрь айында Россия Федерациясында өткериўге келисип алынды.

Кеңес мәжилиси әмелий, конструктивлик ҳәм дослық руўхында өтти.

5.JPG

10.JPG

11.JPG

14.JPG

15.JPG

17.JPG

27.JPG

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы