Ташкент қаласында Өзбекстан, Аўғанстан, Монголия, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Пакистанның алдынғы тәжирийбе орайларының химиялық, биологиялық, радиологиялық, ҳәм ядролық материаллар (ХБРЯМ) бойынша миллий муўапықластырыўшылары, Европа Аўқамы ҳәм бир қатар халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўында Орайлық Азия ушын тоғызыншы регионаллық кеңес болып өтти.

Өзбекстан Республикасы санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң баслығы ўазыйпасын атқарыўшы, Европа Аўқамының ХБРЯМ қәўпин азайтыў бойынша басламасы Алдынғы тәжирийбе орайы муўапықластырыўшысы Тристан Симонарт ҳәм басқалар бул тараўда регионымыз мәмлекетлеринде әмелге асырылып атырған жойбарлар ийгиликли мақсетлерге қаратылғанлығын айрықша атап өтти.

Илажда Регионаллық секретариаттың жумысына байланыслы мәлимлеме усынылды. Таллаў процессинде «Халықтың түрли топарлары арасында ЕАның ХБРЯМ қәўпин азайтыў бойынша басламаны кеңнен ен жайдырыў» инновациялық жойбары ҳәм «Жейран» дала шынығыўларын додалаўға айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Аўғанстанның алдынғы тәжирийбе орайларының  ХБРЯМ бойынша миллий ҳәрекетлер режелерин таныстырыў өткерилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда ЕА басламасы менен ислеп шығылған «Орайлық Азия мәмлекетлеринде химиялық ҳәм биологиялық шығындыларды басқарыў» жойбары жедел әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта «Орайлық Азия мәмлекетлеринде биоқәўипсизлик ҳәм биохимия бойынша миллий ҳуқуқый базаны беккемлеў ҳәм қәнигелескен таярлықты тәмийинлеў» жойбары жуўмақланыў басқышында тур.

Кеңесте БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң ХБРЯМ қәўпин азайтыўға байланыслы резолюциясын орынлаў бойынша регионымыз мәмлекетлериниң миллий ҳәрекетлер режелери көрип шығылды.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзАның хабаршысы