Мәмлекетимизде миллий әдебиятымызға қөрсетилип атырған шексиз итибар сөз өнери пидайыларының бийтәкирар мийрасын пуқта үйрениў, китапқумарлар қатарын және де кеңейтиў, жаслардың жақсы китапқа болған меҳрин барған сайын күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

1-март Өзбекстан халық шайыры, белгили жәмийетлик ғайраткер Зульфия Исроилованың туўылған күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген руўхый-ағартыўшылық илажда бул сыпатламалар және бир мәрте өз сәўлелениўин тапты. Илажда турли министрликлер ҳәм уйымлар, ҳаял-қызлар комитетиниң ўәкиллери, жазыўшы ҳәм шайырлар, әдебият ықласбентлери, студент-жаслар қатнасты.

Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасары, қалалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Дилбар Нажмутдинова, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети баслығы орынбасары Мукаррам Нурматова, Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары, шайыр Ғайрат Мажид, шайырлар Зульфия Мўминова, Фароғат Худойқулова, Зульфияның ақлығы Лола Муҳиддинова ҳәм басқалар мәмлекетимизде әдебияттың раўажланыўы жолындағы шексиз итибар ҳәм ғамхорлықлар дөретиўшилеримизди және де жемисли мийнет етиўге баслап атырғанын атап өтти.

Жазыўшылар аўқамы ушын миллий ҳәм заманагөй архитектуралық усыллар үйлескен имарат қурып берилгени, мүтәжлиги бар дөретиўшилер ушын Ташкент қаласы орайынан көп қабатлы турақ жайлар, дем алыў орынлары, күнделикли әдебий басылымлар, баспа-типографиялық кәрханалардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарындағы системалы жумыслар әдебиятшыларға көрсетилип атырған әмелий ғамхорлықтың айқын үлгиси болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Жазыўшылар қыябаны қурылып, бул пайызлы жерде сөз өнери пидайыларына арналып естеликлер комплекслери орнатылғаны жаслардың миллий әдебиятымызға болған меҳрин ҳәм қызығыўшылығын барған сайын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

…Әллеқашан әдебият ықласбентлери талпынатуғын орынға айланып болған пайызлы Жазыўшылар қыябаны және де өзгеше заўықлы, гөззал түрге енген. Бәҳәрдиң дәслепки күнинде шайыр Зульфия естелигиниң әтирипы поэзия ықласбентлери менен толы болды.

7-faqat saytga.jpg

Сүйикли шайырымыздың бийтәкирар таланты, Ўатанға ҳәм инсанға муҳаббат, опадарлық ҳәм садықлық сезимин, жоқары адамгершиликли пазыйлетлерди жәмлеген көркем шығармалары, өрнек аларлық өмир жолы, жәмийетлик белсендилиги менен миллий мәдениятымыз, әдебиятымызға үлкен үлес қосқан дөретиўши сыпатында халқымыз кеўлинен орын алған. Зульфияханымның поэзиясы ана Ўатанға, өмир ҳәм тәбиятқа, инсанға шексиз меҳир шын жүреклик, бәҳәр нәпесине толы екенлиги менен қәдирли. Шайырдың қосық қатарлары тек ғана елимизде емес, ал сырт еллерде де белгили.

Мәмлекетимизде талантлы инсанларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық белсенди, излениўшең,талантлы  қызлардың әрманларына қанат бағышламақта.

15-faqat saytga.jpg

Президентимиздиң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында усы сыйлықтың абырайын және де арттырыўға байланыслы жаңалықлар еңгизилди. Енди Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм жәмийетлик жумысларда айрықша жетискенликлерге ерискен он төрт жасқа толған ҳәм отыз жастан аспаған талантлы қызларға ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан еки талабанға берилиўи жолға қойылды. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жанында «Зулфияханым қызлары» клубының шөлкемлестирилгени талантлы  қызлардың  өз-ара пикир алысыўы, шебер устазлардан билим алыўы ушын кең имканиятлар жаратты.

-Елимиздиң ҳәр бир қызы Зульфия сыяқлы ўатансүйгиш, беккем ерк-ықрарлы, терең мәнаўиятлы  инсан болыўды нийет етеди,-дейди Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети студенти Нодира Ғозиева.-Бундай жоқары сыйлыққа мүнәсип болыў жуўапкершилиги ҳәмме ўақытта излениўде болыўға, пидайылыққа, жәмийет алдындағы  миннетимизди терең  түсиниўге шақырады.

Илажда ардақлы шайырымыздың қосықларынан үлгилер оқылды. Оның сөзлерине жазылған нама қосықлары айтылды. Зулфияханым естелигине гүллер қойылды.

Сол күни Жазыўшылар қыябанында Өзбекстан Қаҳарманы белгили сыншы әдебияттаныўшыилимпаз, устаз жазыўшы Озод Шарафиддиновтың туўылған күни мүнәсибети менен де илаж болып өтти.

Онда миллий әдебиятымыздың пидайы инсанының мийнетлери, дөретиўшилик жолы, шығармаларының әҳмийети ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз болды. Гөззал қыябандағы шайырдың естелигине гүллер қойылды.

Назокат Усмонова,

ӨзАның хабаршысы