Алдын хабар бергенимиздей, быйыл пайтахтымыз Нөкис қаласында Президент мектеби өз жумысын баслаўы жобаластырылған.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде болып өткен баспасөз конференциясында бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы И.Қунназаров төмендегилерди мәлим етти.

Президент мектеби Нөкис қаласындағы Алмазар көшесинде қурылады. Мектептиң жаңа имараты ушын Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанынан 2х3 гектарлық жер майданы ажыратылған. Мектептиң қурылыс жумыслары усы жылдың 20-август күнине шекем толық жуўмақланып болыныўы жобаластырылған. Президент мектебинде усы жылдың сентябрь айынан баслап оқыў жылы басланып, 5-10-класс ушын ҳәр бир классқа 24 оқыўшыдан – жәми 144 оқыўшы қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.