Шымбай районлық медициналық бирлеспеси имараты алдында райондағы социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға қайыр-сақаўат илажы шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар берди.
Илажда район ҳәкими П.Ещанов социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға 20 дана майыплар арбашасы, 14 дана еситиў аппаратлары, сондай-ақ, медициналық бирлеспесиниң патронаж мийирбийкелериниң жумысларын жетилистириў мақсетинде 25 дана хызмет велосипедлерин тапсырды.
Өз гезегинде пуқаралар бул көрсеткен қайырлы ислери ушын Президентимизге, ҳүкимет басшыларына шексиз миннетдаршылығын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги