Айлық мийнет ҳақы ҳәр бир талабан менен айрықша додаланады.

«Раўажланыў стратегиясы» орайы Ҳәрекетлер стратегиясының мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық, экономика, социаллық қорғаў, қәўипсизлик ҳәм халықаралық байланыслар және жәмийетшилик пенен ислесиў бағдарлары бойынша қәнигелерди турақлы жумысқа мирәт етеди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Талабанларға төмендеги талаплар қойылады:

  • жоқары мағлыўматқа ийе болыўы;
  • аналитикалық материаллар таярлаў;
  • дөретиўшилик пикирлеў ҳәм көзқарас;
  • өз қәнигелиги бойынша жоқары тәжирийбе (сырт ел тәжирийбеси хошаметленеди);
  • халықаралық шөлкемлер менен бирге жумыс алып барыў ҳәм жойбарды басқарыў көнликпелери;
  • компьютер саўатханлығы.

 

Талабанның шет тиллерди билиўи хошаметленеди.

 

Ўазыйпалар.

  • Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм оның әмелге асырылыўы бойынша мағлыўматқа ийе болыўы;
  • Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша министрликлер ҳәм мәкемелер менен бирге ислесиў;
  • нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарлары үстинде ислеў;
  • Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын турақлы мониторинг етиў;
  • Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар бойынша сырт ел тәжирийбесин қолланыў;
  • өз тараўының раўажланыўы бойынша жаңадан идеялар усыныў.

Айлық мийнет ҳақының муғдары ҳәр бир талабан менен айрықша додаланады.

Талабанлардың мағлыўматнамалары ҳәм қосымша сораўлар info@strategy.uz  ямаса e.tulyakov@strategy.uz электрон мәнзиллери арқалы қабыл етиледи.

Еслетпе: Талабанлардың мағлыўматнамалары тек электрон мәнзил арқалы қабыл етиледи ҳәм комиссия тәрепинен сайлап алынған талабанлар ғана сәўбетке мирәт етиледи.

ӨзА