Айлық мийнет ҳақы ҳәр бир талабан менен айрықша додаланады.
«Раўажланыў стратегиясы» орайы Ҳәрекетлер стратегиясының мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық, экономика, социаллық қорғаў, қәўипсизлик ҳәм халықаралық байланыслар және жәмийетшилик пенен ислесиў бағдарлары бойынша қәнигелерди турақлы жумысқа мирәт етеди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.
Талабанларға төмендеги талаплар қойылады:
- жоқары мағлыўматқа ийе болыўы;
- аналитикалық материаллар таярлаў;
- дөретиўшилик пикирлеў ҳәм көзқарас;
- өз қәнигелиги бойынша жоқары тәжирийбе (сырт ел тәжирийбеси хошаметленеди);
- халықаралық шөлкемлер менен бирге жумыс алып барыў ҳәм жойбарды басқарыў көнликпелери;
- компьютер саўатханлығы.
Талабанның шет тиллерди билиўи хошаметленеди.
Ўазыйпалар.
- Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм оның әмелге асырылыўы бойынша мағлыўматқа ийе болыўы;
- Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша министрликлер ҳәм мәкемелер менен бирге ислесиў;
- нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарлары үстинде ислеў;
- Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын турақлы мониторинг етиў;
- Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар бойынша сырт ел тәжирийбесин қолланыў;
- өз тараўының раўажланыўы бойынша жаңадан идеялар усыныў.
Айлық мийнет ҳақының муғдары ҳәр бир талабан менен айрықша додаланады.
Талабанлардың мағлыўматнамалары ҳәм қосымша сораўлар info@strategy.uz ямаса e.tulyakov@strategy.uz электрон мәнзиллери арқалы қабыл етиледи.
Еслетпе: Талабанлардың мағлыўматнамалары тек электрон мәнзил арқалы қабыл етиледи ҳәм комиссия тәрепинен сайлап алынған талабанлар ғана сәўбетке мирәт етиледи.
ӨзА