Тотықуслардың айырым түрлери сойлеп биледи, бирақ бул көпшилик ойлағанындай ҳәр қашан да тыңлаған нәрсесине көзабаға еликлейди дегени емес. Жако тотықуслары өзиниң сөйлесе алатуғын туўысқанларынан бир қанша илгерилеп кеткен. Биринши гезекте саңалы түрде диалог алып барыў тәрепи менен. Жако бийкарға ең ақыллы тотықус болып есапланбайды, себеби олар тек ғана бир неше оңлаған сөзди ядында сақлап ғана емес, ал оларды саналы түрде қоллана алады деп жазады Kun.uz

Жако тотықусы ямаса күлрең тотықус Батыс Европаның экваториаллық ҳәм тропикалық тоғайларында ушырасады. Ол еки түрли болып: экватор бойындағы районларда жасайтуғын қоңыр реңли қуйрықлы жако.

Оның тарқалыў аймағы тийкарынан майлы пальма өсетуғын орынларға туўра келеди, себеби бул өсимлик күлреңли тотықус ушын әҳмийетли азық-аўқат дереги болып есапланады. Буннан тысқары, тотықуслар мийўе, теректиң туқымларын ҳәз етип жейди. Жако әдеўир ири қус болып, 30-35 саниметрге шекем өседи ҳәм 50 жыл, гейде оннан да көбирек жасайды.

Жаконың пәрлери жүдә ашық емес. Басқа тотықуслар менен салыстырғанда бираз басық. Бирақ, ол адамның кеўлиң басқа бир тәрепи менен жаўлап алады. Дурыс тәрбияланса, жако ақыллы саўбетлеске айланыўы мүмкин. Жако тотықуслары сәўбет даўамында 300ге шамалас сөзди қолланыўы анықланған. Илимий изертлеўлерде қатнасқан ең белгили тотықус Алекс лақаплы жако тотықусы еди. Өткен әсирдиң 80-жылларында америкалы илимпазлар ири изертлеў өткерип, жакода қуслар ушын әжайып есапланған тилди өзлестириў қәбилетин анықлаўда жәрдем берди. Тотықус Алекс доктор Ирэн Пепперберг басшылығында арнаўлы оқытыў курсынан өтти. Нәтийжеде сөйлеўинде предмет, материал, рең, форма сыяқлы түрли категорияларда бир қанша сөзлерди айтыўды ҳәм қолланыўды үйренди. Жако Алекс көплеген тест сораўларына дурыс жуўап берди ҳәм буйымлардың улыўма белгилерин ажырата алды. Буннан тысқары, Алекс доктор Пепперберг пенен арқайын сәўбетлесип, өзиниң өтиниш-тилеклерин билдирди.

Әлбетте, Алекс илимпазлардың бақлаўы астында арнаўлы үйретилген жетик тотықус еди. Бирақ басқа жаколар менен де ерте жастан шуғылланылса, олар да өзлериниң сөйлесиў қәбилетлери менен адамды таң қалдыра алады. Бүгинги күнде бул тотықуслар үйде бағылатуғын қуслар сыпатында да белгили.