Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында ишки ислер уйымлары хызметкерлеририң билим және тәжирийбелерин жетилистириў, олардың хызмет, жаўыргерлик ҳәм физикалық таярлығын арттырыў мақсетинде Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларының қәнигелестирилген оқыў-әмелий курслары шөлкемлестирилген еди.

Бул жерде тыңлаўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, олар түрли әдебиятлар менен тәмийинленген китапхана, ағартыўшылық бөлмеси,  керекли көрсетпели қураллар менен үскенеленген, ҳәр бир бағдар бойынша сабақ өтилетуғын кең ҳәм жақтылы оқыў бөлмелери олардың хызметинде. Ҳәр күни Ишки ислер, Қорғаныў министрликлери ҳәм Миллий гвардияның  жоқары офицерлер қурамындағы профессор-оқытыўшылары  тәрепинен өтилген мазмунлы сабақларда әмелий көнликпелеримизди байытып бармақтамыз. Бундай имканиятлар болса, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң жынаятшылыққа қарсы гүресиўдеги жумысларынның нәтийжелилигин арттырыў,  пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында жынаятшылықты болдырмаў, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Тыңлаўшылар күнниң екинши ярымында Миллий гвардияның хызметкерлери менен биргеликте пуқаралар жыйынларында, адамлар көп жыйналатуғын орынларда жәмийетлик тәртипти сақлаў, жүз бериўи мүмкин болған жынаятлардың алдын алыў, ҳуқықбузарлықларды болдырмаў , пуқаралар менен әлпайым қатнаста болып, олардың аўырын жеңил етиў мақсетинде үгит-нәсият жумысларын алып барады.

Соның  менен бирге оқыўдан бос ўақытларында түрли ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, мәдиний-ағартыўшылық илажлары, спорт жарыслары турақлы өткерилип келинбекте. Жақында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Р.Хатамов, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министриниң орынбасары А.Икрамов пенен ушырасыў тыңлаўшыларда айрықша тәсир қалдырды. Онда Ишки ислер ҳәм Қураллы Күшлер тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, хызметкерлерге жаратылып берилген шараятлар, соның менен бирге, алдымызда турған жуўапкерли ўазыйпалар туўралы кең түрде түсиник берилди. Соның менен бирге, «Биз жынаятшылыққа қарсымыз» атамасында спорт жарыслары өткерилип, театрларда спектакльлер, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламалары қойып берилмекте.

Қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсларында алған билим және тәжирийбелеримизди келешекте әмелиятта кеңнен қолланған ҳалда, ҳәр биримизди елимиздиң тынышлығын сақлаў, халқымыздың абадан турмысын, перзентлеримиздиң бахытлы келешегин тәмийинлеў жолында аянбай хызмет етиўге руўхландырады.

Алламурат ХОЖАНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларының қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсының тыңлаўшысы.