Елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси бүгин күн сайын ҳәр бир тараўда өз тастыйығын таппақта. Әсиресе, салық төлеўшилер ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы, тийкарғысы жеңиллетилген, салық жүги төменлетилген системаны енгизиў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып келди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының «Салық ҳәм бюджет сиясатының 2019-жылға мөлшерленген  тийкарғы бағдарлары қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы және «Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлериниң прогнозы ҳәм мәмлекетлик бюджет параметрлери және 2020-2021-жылларға бюджет мөлшерлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4086-санлы қарары тараўдың раўажланыўында әҳмийетли қолланба болып хызмет етпекте.

Бул ҳүжжетлер менен салық нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар елимизди буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың ҳуқықый тийкарлары болды, десек қәтелеспеймиз.

Соның ишинде, бул нызам ҳүжжетлери менен жумыс бериўшилер тәрепинен хызметкерлерге мийнет ҳақы бериўдиң конверт усылына шек қойыў мақсетинде мийнетке ҳақы төлеў фонды менен байланыслы салық жүги кескин азайтылып, пуқаралардың Пенсия қорына 8 процент муғдарындағы қамсызландырыў төлеми бийкар етилди. Бирден-бир социаллық төлемниң әмелдеги 15 ҳәм 25 процентлик ставкалары 12 процентке шекем азайтылады (бюджет шөлкемлер, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәмлекеттиң үлеси 50 проценттен ҳәм оннан көп болған кәрханалар буған кирмейди) және хызметкерлердиң дәраматлары артып барыў менен салық ставкалары да көбейиўин нәзерде тутатуғын логикасыз және салықтың хошаметлендириў принципине қарама-қарсы болған физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының 4 басқышлы 0, 7,5, 16,5 ҳәм 22,5 процентлик прогрессив шкаласы бийкар етилди және оның орнына бирден-бир 12 процентлик ставка белгиленди.

Итибарлысы, салық есабатлары жеңиллетилип, «салық төлеўши тек ғана өз ўақтында салығын төлеў керек» принципинен келип шығып, есабатларға қосымшалар пайда салығында 7 (9 қалды)ге, бирден-бир салықта 6 (7 қалды)ға ҚҚС да 4 (5 қалды)ке ҳәм мүлк салығынан 2 (6 қалды)ге азайтылды.

Соның менен бирге, жеңиллетилген бирден-бир салық төлеми режиминде салықларды төлеўди таңлаў ҳуқықына ийе болыўдың әмелдеги нормаларына өзгерислер киргизилип, 2019-жыл 1-январьдан баслап, салық дәўириндеги товар айланысы (жалпы түсим) 1 миллиард сумнан аспаған салық төлеўшилер бирден-бир салық төлеми режиминде салықларды төлеўди таңлаў ҳуқықына ийе болатуғыны белгилеп қойылды.

Салық дәўириндеги жалпы түсими бир миллиард сумнан асатуғын юридикалық шахслар болса бюджет ҳәм бюджеттен тысқары мәмлекетлик мақсетли қорларға Салық кодексиниң 23-статьясы екинши ҳәм үшинши бөлимлеринде көрсетилген улыўма белгиленген тәртиптеги салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди төлейтуғыны белгилеп қойылды.

Атап айтқанда, қурылыс шөлкемлери 8 процентлик ставкада усақлап сатыў, сондай-ақ, көтере-усақлап сатыў саўда кәрханалары 6 процентлик ставкада, улыўма аўқатланыў ҳәм мийманхана хожалығы кәрханалары 10 процентлик ставкада, кәсиплик хызметлер көрсететуғын юридикалық шахслар 15 процентлик ставкада, аўыл хожалығы өнимлерин реализациялайтуғын юридикалық шахслар, өзиниң ислеп шығарыў өнимлери буған кирмейтуғын 4 процентлик ставкада және экономиканың барлық тармақларындағы басқа да юридикалық шахслар 7 процентлик айырмашылық беретуғын ставкада қосымша қун салығын төлеўи мүмкин болады.

Жуўмақлап айтқанда, салық уйымлары хызметкерлери салық төлеўшилер ҳәм исбилерменлик субъектлерин тексеретуғын уйым емес, ал оларға жәрдемши болатуғынын өз алдына мақсет етпекте. Себеби, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген турмыслық принцип тийкарында жумыс алып барыў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири.

Давронбек БАБАЖАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы

мәмлекетлик салық басқармасының баслығы