Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 28-декабрь күни Олий Мажлиске гезектеги Мүрәжатын жоллады.

Ташкент қаласындағы Симпозиумлар сарайында болып өткен әнжуманда Олий Мажлис Сенаты ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, Министирлер Кабинети, министирликлер менен уйымлардың басшылары дипломатиялық корпус және халық аралық шөлкемлердиң ўәкилханаларының  ўәкиллери, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң белсендилери қатнасты. Әнжуманды видоеконференция байланыс системасы арқалы ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалардағы жергиликли кеңес депутатлары, барлық буўындағы атқарыў ҳәкимияты ҳәм хожалық басқарыў уйымларының басшылары, сондай-ақ, елимиздиң сырт еллердеги елшилери бақлап барды.

Бир жыл бурын мәмлекетимиз тарийхында биринши рет Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжаты жолланған еди. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын түп-тийкарынан жаңалаўға қаратылған бул қолланба дәрежесиндеги баянат тийкарында усы жыл ушын пуқта әмелий режелер дүзилди, халқымызға мүнәсип турмыс тәризин жаратыў жолында ийгиликли басламалар белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы Мүрәжат режелерин турмысқа избе-из енгизиўдиң бағдарламасы сыпатында мәмлекетимизде 2018-жылды Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп жәриялаўды усыныс етти. 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының гезектеги басқышы болған 2018-жылы ел-журтымыздың абаданлығын буннан былай да жақсылаў жолында толық мәниде үлкен дөретиўшилик, қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Бул ретки Мүрәжатта да жуўмақланып атырған жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм келеси жылға мөлшерленген режелер, Ўатанымыздың ишки ҳәм сыртқы сиясатындағы тийкарғы принциплер баян етилгени менен ҳәммеде үлкен қызығыўшылық оятты.

2018-жылы халықтың реал дәраматлары 2017-жылға салыстырғанда 12 процентке артты. Салықлардың прогноздан артып орынланған бөлеги есабынан аймақларда 5,5 триллион сум қосымша дәрамат қалдырылғаны, бул өткен жылға салыстырғанда 6 есеге, 2016-жылға салыстырғанда болса 32 есеге көп болғаны атап өтилди.

Адамлардың турмыстан разы болып жасаўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәмлекетимиздиң турақлы итибарында болды. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде 416 аўыл жаңаша көриниске ийе болды. «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», «Жаслар – келешегимиз» бағдарламаларын избе-из әмелге асырыўға кирисилди.

Мүрәжатта социаллық-экономикалық турмысымыздың басқа тараўларында да әҳмийетли қәдемлер тасланғаны атап өтилди. Ашық-айдын экономика, саламат бәсеки, исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын  түп-тийкарынан жақсылаў, экономикада мәмлекеттиң қатнасын азайтыў, адамлардың турмыс шараятын жақсылаў бойынша анық илажлар белгилеп берилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң усынысы бойынша, усы жылдағы жумысларды логикалық даўам еттириў ҳәм жоқары басқышқа көтериў мақсетинде 2019-жыл мәмлекетимизде Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы деп жәрияланды.

Бир сөз бенен айтқанда, кирип киятырған жылдың бас ҳүжжети болған Мүрәжатта баян етилген ҳәр бир әҳмийетли бағдардың орынланыўы мәмлекетимиз тарийхында жаңа бет ашады, халқымыздың жаңа, және де жоқары шеклерди қолға киргизиўинде тийкар болып хызмет етеди.

 6.JPG

18--faqat saytag.JPG

12.JPG

22-faqat saytag.JPG

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы