Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты магистрантлары тәрепинен Өзбекстанда аналогы болмаған «Smart Library» – ақыллы китапхана жойбары унылмақта.

Китапхана пайтахтымыз Нөкис қаласында мәлимлеме технологияларына сүйенген ҳалда ислеп шығылмақта.

Ақыллы китапхана заманагөй системалы комплекс болып, ҳақыйқый және виртуал пайдаланыўшылардың сораў ҳәм талапларына автоматластырылған және ярым автоматластырылған тәризде керекли информацияларды жеткерип бериў ушын хызмет етеди.

Китапхана раўажланған мәмлекетлердиң «Smart Library» типиндеги китапханаларын пуқта үйренген ҳалда, дүньялық стандартларға жуўап бере алатуғын көринисте исленеди.

Китапхана заманагөй электроникалық қурылмалар менен тәмийинленеди. Олар:

– Заманагөй телевизор;

– Планшетлер;

– Компьютер қурылмалары;

– Электрон доска;

– Жеке түрде китап оқыў ушын арнаўлы планшет;

– Китапханада бар болған китапты излеп таўып беретуғын бағдарлама;

– Электрон китаплар.

Соның менен бирге, сырт ел жоқары оқыў орынлары китапханалары менен виртуал байланыс жасаў арқалы сырт ел әдебиятларын китапханадан тиккелей жүклеп алыў мүмкиншилиги жаратылады. Бунда институт ректоры Б.Отемуратов басшылығында сырт ел жоқары оқыў орынлары менен орнатылып атырған тығыз байланыслар баслы фактор болып хызмет етеди.

Китапханада институт профессор-оқытыўшылары ҳәм магистрантлары ҳәр ҳәптеде мастер-класслар және семинар-тренинглер шөлкемлестиреди. Бундай илажлар нәтийжесинде оқыўшылар ҳәм студентлер жаңа көнликпелерди өзлестирип, келешекте инновациялық идеяларды әмелге асырыўға тийкар жаратады.

Ақыллы китапханада коворкинг орайы шөлкемлестириледи. Коворкинг орайында зийрек студент-жаслар ҳәм магистрантлар жыйналып, инновациялық идеяларды жаратыў бойынша илимий изертлеў жумыслары алып барылады. Ең әҳмийетлиси, китапханадан пайдаланыў бийпул болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.