«Муғаллим ҳәм устазлар бағлары»н шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарар тийкарында, «Муғаллим ҳәм устазлар бағлары»ның концепциясы тастыйықланды.

Тематикалық бағлар жумысы 2018-2020-жыллары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы орайларында жолға қойылады.

Бундай бағларда муғаллим ҳәм устазлардың келбетин сәўлелендириўши, олардың абыройын арттыратуғын монументлер, китапханалар, илимий-ағартыўшылық имаратлар, музейлер ямаса киши көргизбе заллары ҳәм т.б. кеўилашар объектлер шөлкемлестириледи.

Бағдың үлги жойбарын ислеп шығыў Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры қаржылары есабынан әмелге асырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.