Усы атамада елимиздиң бир қатар қала ҳәм районларында имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар ушын семинарлар шөлкемлестирилди.
300 ден аслам жасты қамтып алған бул илажларда майыплығы болған шахслар күнделикли турмысында пайдаланыўы ушын керекли болған ҳуқықларын билиўи менен бирге, олардың жәмийетте ылайықлы орын ийелеўи ушын елимизде жаратылған имканиятлар ҳаққында да мағлыўматларға ийе болды.
Бул илажларға Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси жанындағы Имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар орайы хызметкерлери қатнасып, итибар тийкарынан имканияты шекленген жаслардың машқалары ҳәм олардың ҳуқықый шешимине қаратылды.
Олар үй шараятында билим алып атырған майып жаслардың да жағдайынан хабар алды.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.