Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2018-жыл 30-июльдағы 4-санлы протоколы тийкарында жоқары оқыў орынларының сыртқы билимлендириў формасына тест сынақлары 2018-жыл 20-августтан баслап өткерилиўи белгиленген еди. Тест сынақлары Қурбан ҳайт байрамына туўра келиўине байланыслы абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналарына қолайлық жаратыў мақсетинде тест сынақлары 2018-жыл 17-20-август күнлерине көширилди. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Тест сынақлары Қарақалпақстан Республикасында 17-18-август күнлери усы күнлери тест өткерилип атырған орынларда, яғный Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлик мектеби ҳәм Нөкис олимпия резервлери колледжинде болып өтеди.

Тест сынақларының нәтийжелери тест өткен күнниң ертесине Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz сайтында жәрияланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.