Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының жаңа корпусы 2000 орынлық оқыў имараты, ректорат, мәлимлеме-ресурс орайы ҳәм ҳәр бири 180 орыннан ибарат – жәми 720 орынлық 4 үлкен аудиториядан ибарат болады.

Интитут жаңа корпусының қурылысы ушын 53 миллиард 689 миллион сумнан зыят қаржы ажыратылған.

Ҳәзирги ўақытта 720 орынлық үлкен аудиториялардың қурылыс жумыслары алып барылмақта.

 

 

Мағлыўматларға қарағанда, институт бас бинасы 7 этажлы болып, 1-4-этажлар оқыў имараты ҳәм 5-7-этажлар ректорат ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы болыўы режелестирилген.

Мағлыўмат ушын, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының жаңа корпусының қурылысы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген еди.

 

 

Еслетип өтемиз, институт оқыў имаратларының алдын Нөкис қаласының төрт тәрепинде, бир-биринен 7-10 км қашықлықта жайласқанлығы себепли, оларды бир жерге топлаў мақсетинде 2017-жыл 7-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1250-ф-санлы пәрманы тийкарында Нөкис қаласы Билимлер (алдынғы П.Сейтов) көшеси бойында жайласқан Нөкис агроэкономика колледжи, Нөкис мелиорация ҳәм суў хожалығы колледжи ҳәм Нөкис педагогикалық колледжиниң оқыўшылар турақ жайы тийисли аймақлары менен институт балансына бийпул өткерип берилген еди.

Институттың жаңа корпусы усы аймақта қурылмақта. Қурылыс жумыслары 2019-жылдың ақырында жуўмақланыўы режелестирилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.