Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районындағы киши санаат зонасы аймағында полипропилен қалталар ислеп шығарыў цехы жумыс баслады. «Қара ой Мойнақ Бабур» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жанында шөлкемлестирилген кәрханада 25 жаңа жумыс орны жаратылды.

– Улыўма қуны 3 миллиард 200 миллион сум болған бул жойбар жылына 6 миллион дана қалта ислеп шығарыўға мөлшерленген, – дейди усы ЖШЖ баслығы Абдулҳафиз Исматуллаев. – Кәрханаға тийкарынан кәсип-өнер колледжлериниң питкериўшилерин жумысқа алғанбыз.

Қытай Халық Республикасынан полипропилен қалта ислеп шығарыў үскенелерин сатып алыўда исбилерменниң өз қаржысына қосымша банктиң жеңилликли кредити де қол келди.

– Көптен берли жумыссызлықтан қыйналып жүрген едим, – дейди кәрхананың жумысшысы Амангул Жумамуратова. – Мине, районымызда жаңа кәрхананың ашылғаны биз сыяқлы жумыссыз пуқаралар ушын жүдә жақсы болды.

Президентимиздиң  2017-жыл 28-февральдағы 2017-2018-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы қарары тийкарында районда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы ҳүжжетке тийкарланып районда тоқымашылық, таяр трикотаж өнимлери, тамшылатып суўғарыў үскенелери, суў насослар, пластмасса қубырлары, электротехника ҳәм фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, балықшылықты раўажландырыў ҳәм балық өнимлерин таярлаў, фармацевтика ушын ярым таяр өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў, шийки зат базасын беккемлеў, туристлик хызметин ен жайдырыўға байланыслы 72 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Бул жойбар жоқарыдағы қарардың орынланыўы шеңберинде әмелге асырылды. Жақын күнлерде аймақта сүлги ислеп шығарыў кәрханасы да жумыс баслайды.

Е.ҚАНААТОВ,

ӨзА ның хабаршысы