26-июнь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар елимизде Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында социаллық-экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардың избе-излигин тәмийинлеў ушын ҳуқықый тийкарлар жаратыўға қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Депутатлар дәслеп Өзбекстан Республикасы тәрепинен Орайлық Азиядағы қоңсылас мәмлекетлер менен усы жылдың 22-июнь күни БМШ Бас Ассамблеясының жалпы мәжилисинде қабыл етилген «Орайлық Азия регионында тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў» резолюциясының мазмун-мәнисине тоқтап өтти. Бул тарийхый ҳүжжеттиң қабыл етилгени 2017-жыл сентябрь айында Нью-Йоркта болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған басламаның әмелий орынланыўы екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Соның менен бирге, ҳүжжет биргеликте улыўмалық машқалаларды шешиўде, регионымыздың раўажланыўы ҳәм оның көп миллионлы халқының абаданлығын тәмийинлей алатуғын бир пүтин бирлескен регион сыпатында қәлиплесиўинде әҳмийетли басқыш болып хызмет ететуғыны депутатлар тәрепинен айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, бул ҳүжжет Өзбекстанның халықаралық майдандағы абыройын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилип, сиясий партиялар фракциялары, депутатлар орынларда оның әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға келисип алды.

Буннан соң депутатлар мәжилис күн тәртибине киргизилген мәселелерди көрип шығыўға киристи. Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын түп-тийкарынан реформалаўға, әмелдеги системаны буннан былай да жетилистириўге қаратылған, сондай-ақ, тараўға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нызам жойбары екинши оқылыўда додаланды.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарында елимиз Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарын әмелиятқа нәтийжели енгизиў механизмлери нәзерде тутылған. Соның ишинде, исбилерменлик субъектлерине хызмет көрсететуғын «бир айна» системасының қайта шөлкемлестирилгени себепли нызамда «Мәмлекетлик хызметлер орайлары» статусы ҳәм ўәкилликлери беккемленбекте.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи исбилерменлик субъектлерине айрықша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында кең қолайлықлар жаратыўға, «Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» турмыслық көринисин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болатуғыны депутатлар тәрепинен айрықша атап өтилди.

Исбилерменлик субъектлериниң еркинлигин буннан былай да беккемлеў ҳәм жеке мүлкине қол қатылмаслығын тәмийинлеў мақсетинде Жынаят кодекси ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары да депутатлардың қызғын пикир таласларына себеп болды.

Нызам жойбары менен жеке меншик ҳуқықын, исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериў ҳәм қаржы-хожалық жумысын ревизиялаў тәртибин, лицензиялаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин ҳәм руқсат бериўдиң тәртип-қағыйдалары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў, исбилерменлик субъектлерин қәўендерлик етиўге ҳәм басқа да илажларға мәжбүрий тартыў және исбилерменлик субъектлеринен нызам ҳүжжетлерин бузған ҳалда ҳүжжетлер талап етип алыў, улыўма, нызамлы исбилерменлик жумысына араласқаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў белгиленбекте.

Депутатлар тәрепинен бул нызам жойбарының қабыл етилиўи елимизде исбилерменлик орталығы буннан былай да жақсыланыўына, экономика тармақларына инвестициялар тартыўды жеделлестириўге, нәтийжеде, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге имкан беретуғыны айтып өтилди.

Күн тәртибинен орын алған гезектеги нызам жойбары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-марттағы «Банк хызметлериниң ғалабалығын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылған болып, оған тийкарланып «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы, «Микроқаржыландырыў ҳаққында»ғы және «Микрокредит шөлкемлери ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен микроқаржыландырыў хызметлерин көрсететуғын шөлкемлердиң жумысын жетилистириў ҳәм тутыныўшылардың мәплерин қорғаўды күшейтиў, соның ишинде, микроқаржыландырыў хызметлери бойынша төлемлерди тийкарсыз рәўиште арттырыўға жол қоймаў бойынша нормаларды енгизиў нәзерде тутылған.

Депутатлардың пикирлерине бола, киргизилип атырған бул қағыйдалар микроқаржыландырыў хызметлериниң тутыныўшыларға түсетуғын қарыз жүгин азайтып, төлем қәбилетин жақсылайды және социаллық қорғалыўын күшейтиўде әҳмийетли рол атқарады.

«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда додалады.

Депутатлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-майдағы «Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпаларды турмысқа енгизиўге қаратылған нызам жойбарын да қабыл етти. Аўыл хожалығы өнимлерин қабыл етиў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм олардан алынған өнимлерден пайдаланыў тәртибин бузғаны, сондай-ақ, Инспекцияның нызам талапларын орынламағаны ҳәм олардың жумысына тосқынлық еткени ушын админстративлик жуўапкершилик белгиленди. Буннан тысқары бир қатар нызамларға усы Инспекцияның ўәкилликлерин белгилейтуғын нормалар киргизилди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Мәлимлеме хызмети