Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларында қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалықларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы ҳүкиметлик қарар қабыл етилди, деп жазады Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Қарарға муўапық, Шоманай районында 2050,5 гектарлық майданда Шоманай қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы ҳәм Қанлыкөл районында 1993,3 гектарлық майданда Қанлыкөл қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы шөлкемлестириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги