Усы жыл 24-июнь күни пайтахтымыздағы 1-санлы балалар  ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде 26-июнь-«Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни»не бағышланып, спорттың каратэ WKF   түри бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер және қызлар арасында ашық турнир  өткериледи.

Жарысты өткериўдеги мақсет – елимизде балалар спортын раўажландырыў, жасларды нәшебентлик, диний экстремизм ҳәм басқа да жаман иллетлерден сақлап, саламат турмыс тәризинде тәрбиялаўдан ибарат.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 5 жастан 17 жасқа шекемги спортшылар қатнасады.

Жарыста ер балалар 15  салмақ категориясында, ал  қызлар 10 салмақ категориясында өз-ара күш сынасады.

Бул ҳаққында толық ҳәм ҳәр тәреплеме мағлыўмат берип барамыз.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы