Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Бердақ атындағы миллий музей, Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан хабар агентлиги ҳәм Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген Бердақ Ғарғабай улының 190 жыллығына бағышланған «Бердақ дәўириндеги билимлендириў орынлары ҳәм тарийхый жер атамалары» темасындағы экспедиция сапары басланды.

АҚ ҚАЛА

XIX әсирде жасап дөретиўшилик еткен уллы ағартыўшы шайыр Бердақ ели-халқына, келешек әўладларға өзинен бийбаҳа мийрас қалдырған тарийхый тулғалардың бири болып табылады. Ол өз дәўиринде ҳәр қандай зорлық-зомбылықларға қарсы турып, жәмийеттеги жаман иллетлерди әшкаралап, журтласларын аўызбиршиликли, мәрт болыўға шақырды. Ағартыўшылыққа, әсиресе, жеткиншек әўладтың билим алыўы ушын Аллатаала берген өткир тили, заўықлы қосығы, ширели сөзи менен бар күш-жигерин жумсайды. Бул оның пүткил поэзиялық мийнетлеринде өз сәўлелениўин тапқан.

Сондай-ақ, бабамыздың  хош ҳаўаз бақсы болғаны, оның жолын қызы Ҳүрлиман ҳәм ақлығы Қаражан бақсылардың даўам еттиргени де жақсы белгили. Бердақ таңлайына берген бүлбүлгөя шайыр болып қалмастан Сүйеў, Артық бақсылар менен бирге бақсышылық пенен де шуғылланып қарақалпақ аўылларын көп аралаған. Ол келгенде Шымбай, Кегейли, Халқабад, Қумшүңгил, Қуўанышжарма, Жалпақ жап, Шахаман, Қазақдәрья, Қумөзек, Гөне жалпақ, Үсен аўыл, Шотбас ҳәм басқа да аўыллық елатлы пунктлердиң халықлары «Қара бақсы»ны көрмей әрманда қалармыз деп тайда туяқ қалмай ағылып, қурлар жүдә кеңнен қурылады екен.

Бердақ пенен Өтеш шайырдың шығармаларында «Балықшы бабаларымыздың қорған қаласы» деп тәрийпленген тарийхый Ақ қала туўралы сөз еткенде бизиң көз алдымызда Бердақтың киндик қаны тамған топырағы, ата-анасы, отаўы, балалығы ҳәм көкиреги әдебият пенен мәдениятқа, ағартыўшылыққа қуштарлығы арта түскен жас өспиримлик ўақытлары сәўлеленеди.

Республикамызға белгили дөретиўшилер, тарийхшы илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, журналистлер, қулласы, бир топар зыялылардан қуралған, Өзбекистан Қаҳарманы, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, археолог Ғ.Хожаниязовтың басшылығындағы экспедиция ағзаларының дәслепки гөзлеген мәнзили Гөне дәрьяның Арал теңизине қуйып турған жеринен төрт шақырым ықта, дәрьяның оң тәрепинде жайласқан мине, усы Ақ қала қорғаны болды.

Қаланың салыныў тарийхы Хийўаның тарийхшылары болған – Мунис, Агаҳий ҳәм Баянилердиң дәреклеринде Шерғазы хан дәўиринде өткен Шахтемир хан ҳәм Ширдали бийлер менен байланыстырылады. Бердақ пенен заманлас және жақын дос Өтеш шайырдың айтыс қосығында, Бердаққа: «Бабаң балық ушын салған емес пе?» – деген жуўап қатарларына тийкарланып, шайырдың бабасының шығысын шынында да суў бойында жайласқан Ақ қала менен байланыстырыўымызға болады. Сондай-ақ, 1930-1973-жыллар аралығында Бердақтың өмирин ҳәм дөретиўшилигин изертлеген профессор И.Т.Сағыйтов та шайырдың 1827-жылы усы Ақ қала топырағында туўылғанын жазып қалдырған.

– Ақ қалада халық узақ дәўирлер бойы жасап, тиришилик еткен. Бул жер Арал теңизиниң арқадағы күшли бекинис порт қаласы ҳәм үлкен саўда орайы болған. Сондай-ақ, Қорғанның ишинде саўда орынларына ийе базар, бир неше мешитлер менен қала бийлериниң сарайлары жайласқан болып, мешитлердиң бири Нурмуҳаммед ақунға  тийисли болған, деген дәреклер бар. 1873-жылдың бәҳәринде Ақ қалаға Хийўадан оқ-жарақ, топ тийеген үлкен кемелер келеди ҳәм сол жылдың 23-апрелинде Арал теңизи арқалы еки пароход ҳәм үш баржада келген орыслардың әскерий экспедициясы қаланы ийелейди. Усы экспедиция қурамында келген А.В.Каульбарс Ақ қаланың топографиялық планын алады, – дейди археолог Ғ. Хожаниязов.

Уллы бабамыз Бердақ шайыр туўылып-өскен Ақ қала ҳаққындағы әпсаналар, тарийхшылар менен илимпазлар тәрепинен билдирилген тарийхый дәреклер, әпсанаға айланған әңгимелер экспедиция ағзаларында айрықша тәсир қалдырды…

ҚАРАҚУМ ИЙШАН ДӘРГАЙЫ

Таң қулан ийек болып атып киятырғанда жолға шыққан топарымыз қуяш арқан бойы жерге келгенде тарийхый Қарақум ийшан (Қутлы хожа ийшан) зыярат етиў орны тәрепке жол алыўда. Шахаманнан өткен соң өгиздиң мүйизиндей еки тәрепке айланып, бири Қазақдәрьяға алып баратуғын жолдың екиншисинде кепшикте желпиген дәндей қалқып баратырмыз. Мине, халқымыздың кеўлиндей кең жазық далалардағы топырағымыздың ҳәр қыйлы өсимликлер дүньясын, тарийхый «Камал ийшан» зыярат етиў орнын, «Мәтеке терек» елатын изде қалдырған «темир арба»мыз «Көк ийрим»ниң көпиринен асып биз тезирек жетиўге асығып киятырған мәнзил, Қарақум ийшан дәргайына жетип келди.

Экспедицияның бул муқаддес жерге сапар етиўи тегин емес, әлбетте. Себеби, бул диярда сол дәўирдеги үлкен билимлендириў ошағының тырнағын қалаған Қарақум ийшан, оның шынжырма-шынжыр әўладлары, ойшыл шайыр Бердақ, оның устазы Күнхожа, Өзбекистан халық жыршысы, Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Аббаз Дабыловтың әкеси Аллаяр улы Дабыл ийшан ҳәм басқа да ағартыўшы улама-инсанлар жерленген. Сондай-ақ, Бердақ бабамыз усы мешит-медиреседе билим алған ҳәм соңғылығында Қарақум ийшаннның суўпысы болған.

Топар ағзалары усы исми-шәриплери аталған уллы бабаларымыздың естеликлерин ҳәм өз ўақтында үлкен билимлендириў орайы болған Қарақум ийшан мешит-медиресесин  зыярат етти. Уллы бабалардың руўхларына қуран аятлары оқылды.

– Қарақум ийшаның негизги исми-шәрипи Қутлы хожа болған, – дейди ҚМУдың араб тили муғаллими Ә.Идирейсов. – Уламаға ҳүрмет жүзесинен оның исмин сол аймақтағы бийик қум төбеликлер менен байланыстырып Қарақум ийшан деп атаған, деген дәреклер бар. Өзиңиз көрип турған, ҳәзир тек  айырым пақсалары ғана сақланып қалған тарийхый Қарақум ийшан мешит-медиресеси өз ўақтында бир тәрепи қазақ далалары, бир тәрепи түсликтеги ел-журтлардың тәлабаларын өзине қамтыған үлкен билимлендириў ҳәм ағартыўшылық орайы және бул жерде арман-берман келип-кеткен жолаўшылардың ҳәлленип, ашырқаған халықтың жан сақлап қалыўы ушын шүлен қазанлар қайнап туратуғын болған. Үш жүз, төрт жүзден аслам тәлабаны жәмлеген мешит-медиреседе  билимлендириў еки басқышта араб тили ҳәм диний пәнлер (догматизм ҳ.т.б) бойынша алып барылған. Бул аймақ буннан басқа да билимлендириў орынларына бай болып, олардан Нөкис қаласында жайласқан  Сәлмен атаның әкеси  бинят еткен «Камал ийшан» ҳәм XX әсирде Идирейс ийшан тәрепинен шөлкемлестирилген мешит-медиреселер усылардың қатарына киреди.

Қарақум ийшан ҳаққында жазба дәреклер аз болып, биз тек ғана Тәжетдин ийшан тәрепинен жазып қалдырылған 1926-1930-жылларға тийисли оның әўладлары туўралы шежире түринде жазылған мына қатарларға сүйенип пикир жүрите аламыз. Онда:

Нусқа әйлеб йазған екен бир шарийф,

Бир әбийат әйледим нусқадан көрийб,

Тәме назер билан мен ғарийб,

Шул нусқаны тафтийш этиб кўрмишам, – деп келтирилген. Демек, Қарақум ийшан туўралы буннан алдын да жазба мағлыўматлар болған. Солай екен, биз бул бағдардағы изертлеўлеримизди буннан былай да даўам еттириўимиз дәркар.

Ғәрезсизлик жылларында Қарақум ийшанның ҳәзирги әўладлары тәрепинен қурылған саўлатлы ҳәм пайызлы мешит-медиреседе биз шынында да усы дәрек тийкарындағы ийшаның арғы бабаларының шайх болғанын, оның Баҳаўатдин Нақшбандий тәлийматы  ўәкиллеринен екенин көриўимизге болады.

Әне, Қарақум ийшанның арқа тәрепинде жайласқан уллы бабамыз Бердақтың естелиги. Өткен әсирдиң орталарында бул аймақларды суў басыўы ақыбетинде көпшилик қойымшылықлар суў астында қалып, Бердақ бабамыздың қәбири Қазақдәрьялы Юсуп ата (1883-1973), Сейтназар Айеке улы, Әжиниияз шыйықшы Есен улы ҳәм Узақ Рахметуллаевлардың жәрдеминде анықланған. 1980-жыллардан бериде белгили тарийхшы ҳәм илимпазлар тәрепинен Қарақум ийшан, Бердақ ҳәм оның устазы Күнхожаның қәбирлери абаданластырылып, ҳәзир бул жер халқымыздың зыярат етип келетуғын муқаддес жайларына айланған.

Өз дәўиринде Қарақум ийшан мешит-медиресеси өзиниң бай китапханасына ийе болған.

– 1926-жылы мешит-медиресиниң китапханасы менен танысыў мақсетинде бул жерге Н.А.Баскаков, А.Давлет ҳәм А.Ивановлардың экспедициясы келген, –  дейди археолог Ғ. Хожаниязов. – Бирақ, айырым себеплерге бола олардың бул нийети әмелге аспайды. Сондай-ақ, 1933-жылдың март айында Қарақалпақстанның өндирислик күшлерин үйрениў бойынша  Санк-Петербургте болып өткен биринши конференцияда профессор П.П.Иванов өз баянатында Қарақум ийшан мешит-медиресиниң бай китапханасының бар екенин, ондағы қол жазбаларды есапқа алыў ҳәм келешек ушын сақлаў мәселелерин көтереди. Тилекке қарсы, сол пайытларда Қазақдәрьяда суў көтерилип, Гөне Қараөзекти суў алыўы ақыбетинде медиресениң имаратлары қулап, китапхана суў астында қалып кеткен. Тийкарында китапхананың набыт болыўы оннан да бурынырақ басланған болып, бул ислам дини менен мешит-медиреселерге қарсы жүргизилген репрессияларға, мәдений атланысларға ҳәм латынластырыў ҳәрекетлерине байланыслы болды.

– Соңғы пайытта ҳүкиметимиз тәрепинен мәдений естеликлерди қорғаўға, соның ишинде, туризмди раўажландырыўға үлкен дыққат-итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Өзбекистан Республикасы Мәдений естеликлерди қорғаў инспекциясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Шымбай қаласына кире беристе өзиңиз көрип гүўасы болғаныңыздай қарақалпақ бақсышылық өнериниң сағасы Ақымбет бақсының саўлатлы естелиги жуўмақланыў алдында тур. Соның менен бирге, Бердақ бабамыздың 190 жыллығы мүнәсибети менен шайыр естелигин ҳәм оның дөгерегин және де абаданластырыў бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен қаржы ажыратылып, ҳәзир бул бағдарда жумыслар алып барылмақта, – дейди Өзбекистан Республикасы Мәдений естеликлерди қорғаў инспекциясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Шәрипов.

Бердақ оқып билим алған ҳәм өзи жасап өткен бул аймақлар тарийхый жер атамаларына да оғада бай. Мәселен,  «Бөгетли», «Еркиндәрья», «Тилеў жыққын», «Қазақдәрья», «Сейт баққал», «Көк ийрим», «Дәў кемпир», «Гөне еркин», «Мәтеке терек», «Шопанлы ағаш», «Салдат көпир» ҳәм тағы басқа да жер-суў атларын атап өтиўимизге болады. Бул атамаларды сөйлетип жибергенде олардың өз алдына әпсаналары, келип шығыў тарийхы бар.

Экспедиция ағзаларының Қарақум ийшанға сапары оғада үлкен тәсирлерге бай болды. Мешит-медиресениң аймағында өз ўақтында нар түйелер зыр-зыр айланып гүнжиден май шығарған жуўазлардың қалдықлары, түрли реңлердеги ыдыс сынықлары бул жердеги халықтың уллы жипек жолы арқалы кәрўан тартып ҳәр қыйлы еллер менен қарым-қатнаста болып, саўда-сатық ислери менен шуғылланғанынан да дәрек береди.  Әсиресе, зийрек, көзи өткир экспедиция ағзаларының бириниң қулап жатқан пақсалар арасынан бир пайытлары тәлабалардың бир-бирине жоллаған хатын таўып алғаны күтилмеген жағдай еди…

ШАХАМАН

Дерлик, бир әсирге шамалас тарийққа ийе Шахаман атамасы ҳаққында сөз еткенде, дәслеп усы елатқа бул атаманың қалайынша берилгени туўралы сораў туўылатуғыны тәбийғый, әлбетте. Бул атама негизи усы аймақта жасап өткен инсанның исми-шәрипи болып табылады. Шахаман Турымбет, Ережеп тентек ямаса кешеги Марқабай ҳәм Өтеш батырлардай данқ таратпағаны менен өз аўыл-аймағында белгили, оғада ғайратлы, ғайбар ҳәм тәўекелши кәмбағал  адам болған.  Ал, оның туўысқан ағасы Алпысбай болса, мал-ҳаллы шаңарақ ийеси екен.

– Шахаманның аўылы Ақун бабаның артындағы «Көк көл» болыслығына қараслы болып, ағасы Алпысбайдан бөлек шығып, ҳәзирги Шахаман жайласқан жерге, яғный Қазақдәрьяға баратуғын жолдың бойына ирге басады. Ол изине атқосшы ертип Қүлен, Тәжимурат болыслардың хызметин атқарған. Жигирмаланшы жыллары бул жерге халық топланып «Шахаман аўылы» атанған. 1933-жылы Зайырды суў алыўы ақыбетинде Қараөзек районының орайы Шахаманға көшип келген, – дейди археолог Ғ. Хожаниязов.

Өткен әсирде бир неше мәрте суў астында қалып(1933, 1945, 1958, 1971), бираз бүлгиншиликке ушыраған болса да, ел-халықтың  бул мәканға қайта-қайта оралып қоныс басқанына, киндик қаны тамған топырағына, ата-бабаларының мийрасларына садықлығына тәсийин қаласаң. Күн батысында Қусхана таў арқа сүйеўи болған, сүриў-сүриў қойлары, пада-пада маллары ҳәм дийқаншылығы да мол болған,  гөззал тәбиятлы Шахаман мине, усындай аўыр, машақатлы дәўирлерди бастан кеширип, буннан былай талпыныўшаң турмысы даўам етиўде.

Өзбекистан Қаҳарманы, Халық шайыры Ибрайым Юсуповтың ҳәзил формасында:

Шахаманнан шайбас буға табылып,

Услай алмай жүрмиз ҳәмме жабылып

Өгизлер түйектен шықты сабылып,

Сениң жаның тас екен дым, Әскербай, деп келтиргениндей бул қунарлы топырақтан Бердақ бабамыз жүрип өткен шайырлық жолға Әскербай Әжиниязов, Шарапатдин Аяпов, Түркменбай Жийемуратов, Гүлистан Дәўлетова сыяқлы қәлем ийелери қәдем қойды.

Экспедиция барысында мине, усы Шымбай районы Шахаман елаты ңү-санлы улыўма билим бериў мектебинде сол елат пуқараларының қатнасыўында мәдений-әдебий әнжуман болып өтти.

Әнжуманды Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары У.Қалилаев ашты ҳәм басқарып барды.

Онда Экспедиция баслығы, Өзбекистан Қаҳарманы, археолог Ғ.Хожаниязов, әдебиятшы М.Турсымуратов, тарийхшы-илимпаз Оңғарбай Юсупов, ҚМУдың араб тили оқытыўшысы Ә.Идирейсов, шайыр Г.Нурлепесова, тарийхшы-илимпазлар ҳәм басқа да қатнасыўшылар шығып сөйледи.

Олар өз сөзлеринде Бердақ бабамыз шығармаларының халқымыздың, әсиресе, жас әўладтың руўхый дүньясын байытыўдағы әҳмийети, соңғы пайытларда мәмлекетимиз тәрепинен миллий мийрасларымызды, мәдений естеликлерди қорғаўға ҳәм туризмди раўажландырыўға қаратылып атырған үлкен итибарынан келип шығып, бул орынларды алдағы ўақытларда абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша, соның ишинде, Қарақум ийшан менен Қабақлы ата зыярат етиў орнының жол көрсеткишлери менен картасын дүзиў, және бир әҳмийетлиси, Бердақ бабамыздың естелиги қапталында пайызлы бағ жаратыў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Экспедиция ағзалары аўыл адамларын қызықтырған басқа да бир қанша сораўларға қанаатландырарлықтай жуўап берди.

«Бәршемизге белгили бир факт, уллы шайыр ҳәм ойшыл Бердақ Ғарғабай улын сөз жеткерип сүўретлеў қыйын ис. Өйткени, Бердақ ҳаққында сөйлеў – бул бир уллы кәрамат ҳаққында, дана, сөз зергери ҳаққында, қарақалпақ халқының ҳәм тарийхтағы, ҳәм өтмиштеги тәғдири ҳаққында сөйлегендей жуўапкерли ис», деген еди Өзбекистан Қаҳарманы, Халық жазыўшысы  Т.Қайыпбергенов.

Усы айтылғанындай, биз бул уллы философ ҳаққында қанша изленсек те, оның даналық пенен жазылған шығармалары туўралы пикир жүргизсек те аз. Оның дөретпелерин келешек әўладларға, ҳәттеки, шет елли туристлерге кеңнен үгит-нәсиятлаў, естелигин мәңгилестириўдей қолымыздан келетуғын саўаплы ҳәрекетлерди ислеў бизиң ҳәр биримиз ушын қарыз ҳәм парыз болып табылады.

Сүўретлерде экспедиция барысындағы көринислерден

 

Чаржаў ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги