Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри Абдусалом Азизов Қырғызстан Республикасы Қураллы Күшлер Бас штабының баслығы Райимберди Дүшенбиевтиң басшылығындағы әскерий делегация ағзалары менен ушырасты.

Сөйлесиўде қорғаныў тараўындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, сондай-ақ, әскерий бағдарда байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды. Орайлық Азия регионында қәўипсизликти тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа екени атап өтилди.

4.JPG

Соңғы жыллары Өзбекстан қоңсы Қырғызстан менен дослық қатнасықларды беккемлеўге айрықша итибар қаратпақта. Еллеримиз арасындағы бирге ислесиў байланысларының раўажланыўы Орайлық Азия регионында қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийенлеўде айрықша орын ийелейди.

Ушырасыўда еки елдиң әскерий мәкемелери арасында 2018-жылы қорғаныў тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған бирге ислесиў режесине қол қойылды.

Мийманлар Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлер академиясында кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў процесслери менен танысты.

А.МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы