Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-июнь күни Қытайдың Циндао қаласында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен ушырасты.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти  Баспасөз хызмети хабар берди.

Мәмлекетимиз басшысы Владимир Путинди Россия президентлигине қайта сайланғаны менен және бир мәрте қутлықлап, Россия менен стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары Өзбекстан сыртқы сиясатының өзгермес бағдары екенин атап өтти.

Бир жылда өз-ара  70 делегация сапары әмелге асырылғаны, 21 мәрте аймақлараралық ушырасыўлардың өткерилгени байланыслардың бүгинги пәтинен ҳәм көлеминен дәрек береди. Быйылғы жылдың биринши шерегинде еллеримиз арасындағы товар алмасыў көлеми 40 проценттен аслам өскен. Еле алдында және ири жойбарларымыз көп, деди Шавкат Мирзиёев.

Россия Президенти мәмлекетимиз басшысы менен ушырасыўдан қуўанышлы екенин атап өтип, еллеримиздиң бирге ислесиўинде көплеген жойбарлардың әмелге асырылғанын атап өтти.

Өткен жылы Россияға сапарыңыздан кейин ҳәммеси унамлы тәрепке өзгерди. Сизиң басламаңыз пенен шегаралардан өтиўде «жасыл жол» шөлкемлестирилгени нәтийжесинде Өзбекстан мийўе-овощларын жеткерип бериў дерлик  36 процентке өсти. Россияның жетекши компанияларының қатнасыўында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта, деди Владимир Путин.

«Лукойл» компаниясы Өзбекстанға 7 миллиард доллар инвестиция киргизгени, усы жыл апрельде Қандим газди қайта ислеў комплексиниң иске қосылғаны атап өтилди. «Росатом» Атом энергиясы бойынша мәмлекетлик корпорациясы менен энергетика тараўында шериклик ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға келисип алынғаны атап өтилди.

Усы жылдың гүзинде Өзбекстанға жоқары дәрежедеги сапары күтилмекте. Сондай-ақ, Ташкентте биринши мәрте Өзбекстан ҳәм Россия аймақлараралық форумын өткериў режелестирилмекте.

Ушырасыўда усы әҳмийетли илажларды әмелий мазмун менен байытыў, оның ушын министрликлер,  компаниялар ҳәм аймақлар арасындағы байланысларды жедел даўам еттириўге келисип алынды.

Сөйлесиў даўамында тәреплерди қызықтырған халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша да пикир алысылды.

ӨзА