Әмиўдәрья районының Қылышбай аўылында жасайтуғын пуқара С.Эркаев дүканнан жаңадан суў шығарыўшы насос сатып алған. Бирақ оның қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын 495 мың сумға сатып алған насосы бир күнге де жетпей бузылып қалады, деп жазады Amunews.uz сайты.

С.Эркаев бузылған насосты дүканға қайтарып алып барып, тазасына алмастырып бериўди өтиниш етеди. Сонда сатыўшы қарыйдарға турпайы қатнаста болады ҳәм бузылған насосты тазасына алмастырып бермейтуғынлығын айтады.

Буннан кейин тутыныўшы С.Эркаев бул мәселе бойынша районлық тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетине жазба түрде мүрәжат еткен. Тутыныўшының мүрәжаты үйренип шығылып, сатыўшыға нызам шеңберинде оның ҳуқық ҳәм миннетлемелери түсиндирилген ҳәм қарыйдардың бузылған насос ушын төлеген 495 мың сумлық пулы қайтарып алып берилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги