Усы жыл 31-май күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Депутатлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен усынылған Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң 2017-жылғы ҳәм 2018-жылдың биринши шерегинде орынланыўы ҳаққындағы есапларын көрип шықты.

Усынылған есаплар палатаның Бюджет ҳәм экономикалық реформалар комитетинде, сиясий партиялар фракцияларының ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының мәжилислеринде дәслепки тәризде көрип шығылған еди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў, жәмийеттиң социаллық-экономикалық тараўларын түп-тийкарынан раўажландырыў бойынша алып барылған илажлар нәтийжесинде экономиканы турақлы, теңсалмақлы ҳалда раўажландырыў ҳәм экономикалық өсимниң жоқары пәтлери тәмийинленди.

Мәжилисте валюта сиясатын либералластырыў ҳәм сыртқы саўда жумысы тараўын жетилистириў бойынша көрилген илажлар елимиз экономикасына сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыўға, оның экспорт потенциалын арттырыўға, заманагөй технологияларға тийкарланған өндирислерди жаратыўға және киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти буннан былай да раўажландырыўға хызмет етип атырғаны атап өтилип, усылардың, нәтийжесинде 2017-жылы елимиздиң жалпы ишки өними 5,3 процентке, санаат өндирисиниң көлеми – 7,0 процентке, аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы – 2,0 процентке, хызметлер – 8,9 процентке және қурылыс – 5,6 процентке өсими тәмийинленгени атап өтилди.

Соның менен бирге, түсимлердиң турақлылығына ерисилгени ҳәм бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў арқалы Мәмлекетлик бюджет 337,3 миллиард сум ямаса жалпы ишки өнимге салыстырғанда 0,1 процент муғдарында профицит пенен орынланған.

Депутатлар экономиканы пүткиллей жаңа тийкарда шөлкемлестириў ҳәм буннан былай да еркинлестириўдиң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў бойынша бир қатар нызамлар, елимиз Президентиниң пәрманлары менен қарарлары, мәмлекетлик бағдарламалар қабыл етилип, олар бүгин табыслы әмелиятқа енгизилип, сондай-ақ, экономика тармағында заманагөй талапларға жуўап беретуғын, жаңаша мазмун-мәнидеги ҳәм нәтийжели реформаларды әмелге асырыў жолында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 7-июньдеги жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўде орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерин кеңейтиўге және жергиликли бюджет дәраматларын қәлиплестириўдеги жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған пәрман ҳәм қарарларының орынланыўы нәтийжесинде өткен жылы жергиликли бюджетлердиң дәрамат бөлеги прогнозға салыстырғанда 104,9 процентке орынланған.

Есап бериў дәўиринде Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң социаллық бағдарланғаны тәмийинленип, Ҳүкимет тәрепинен тийкарғы итибар бюджет қәрежетлериниң нәтийжелилигин тәмийинлеў, социаллық хызметлердиң сапасын арттырыў, биринши дәрежели төлемлер бойынша қәрежетлерди толық ҳәм өз ўақтында қаржыландырыў және бюджетлераралық қатнасықларды буннан былай да жетилистириў бойынша бир қатар илажлар ислеп шығылып, бүгин турмысқа енгизилип атырғаны, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң белгиленген параметрлер шеңберинде орынланыўында тийкарғы фактор болғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, социаллық қәрежетлерди қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 55,2 проценти муғдарында қаржы жумсалды. Социаллық қәрежетлердиң 58,7 проценти билимлендириў системасын сақлаўға ҳәм раўажландырыўға және 26,9 проценти денсаўлықты сақлаў тараўының қәрежетлерине жумсалғаны елимизде инсан капиталын өсириўге ҳәм халықтың денсаўлығын тәмийинлеўге болған итибардан дәрек екени айрықша атап өтилди.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң 2018-жылдың биринши шерегинде  орынланыўы ҳаққындағы есапты көрип шығыў даўамында депутатлар Мәмлекетлик бюджет дәраматларының қәлиплесиўин ҳәм қәрежетлериниң жумсалыў жағдайын таллады.

Усылынған есаплар депутатлар ҳәм сенаторлар тәрепинен орынлардағы ҳақыйқый жағдайды үйрениў және қадағалаў-таллаў жумысын әмелге асырыў процесслеринде Мәмлекетлик бюджет қәрежетлеринен мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, аймақларда социаллық инфраструктураны раўажландырыў бойынша еле шешимин күтип турған мәселелер бар екенине қаратып, усы жылдың биринши шерегинде жергиликли бюджетлер дәраматына 874,0 миллиард сум қосымша түскен қаржыларды әне усы мәселелерди шешиўге қаратыў мақсетке муўапықлығы ҳаққындағы усынысты алға қойды.

«Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасын орынлаў мақсетинде жол-транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм социаллық инфраструктураны раўажланыдырыўға және модернизациялаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў ушын да оғада үлкен қаржы қәрежетлер нәзерде тутылғаны атап өтилип, олардың нәтийжелилигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин де еслетип өтти.

Жоқарыдағылар менен бир қатарда, депутатлар тәрепинен аймақлардың ресурс потенциалын толық әмелге асырыў, бюджет қаржыларынан буннан былай да нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, жергиликли бюджетлер дәраматларын арттырыў бағдарында орынларда қолда бар имканиятларды ҳәм резервлерди толық пайдаланыўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Додалаўлар даўамында депутатлар жергиликли мәмлекетлик уйымлардағы лаўазымлы шахслардың атқарыў тәртибин арттырыў, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң келеси дәўир ушын өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиў, бул ушын халық депутатлары тийисли Кеңеслери менен бирге ислесиў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп алыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәжилис жуўмағына бола, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы  Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң 2017-жылғы және 2018-жылдың биринши шерегинде орынланыўы ҳаққындағы есапты тастыйықлаў бойынша қарар қабыл етти.

Депутатлар парламенттиң Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелерди додалады.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети