Уллы Британияда 103 жылдан берли сақланып киятырған шоколад аукционға қойылады. Батыс басылымларының хабар бериўинше, шоколад Биринши жер жүзилик урыс ветераны Ричард Буллиморға тийисли екен. Урыс ветераны 1967-жылы қайтыс болған.

Бир орам шоколад ҳәм сигарета Францияда урысқа қатнасқан әскерге жиберилген Рождество саўғасы екенлиги анықланған.

 

 

Буллимор сигарета шекпейтуғын, мазалыны хош көрмейтуғын болғанлықтан, саўға сол ҳалында усы күнге шекем сақланған.

Аукционда Буллимордың хатлары ҳәм медальлары да бирге сатыўға қойылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.