Исбилерменлик субъектлериниң жумысларын нызамсыз түрде тексериўлердиң алдын алыў, ҳәр қыйлы араласыўларды еле де қысқартыў, тексериўлерди тәртипке салыў, олардың санын қысқартыў бойынша бир қанша ҳүкиметлик ҳүжжетлер қабыл етилди. Бул бағдардағы жумыслардың барысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслығы Мурат Раметуллаев мағлыўмат береди:

«Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 5-октябрьдеги «Исбилерменлик жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеўге, жеке мүлкти ҳәр тәреплеме қорғаўға ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманында қадағалаўшы уйымлардың исбилерменлик жумысларына араласыўын еле де шеклеў, олардың раўажланыўы ушын зәрүр имканиятлар жаратыў бойынша бирқатар жаңа нормалар белгилеп берилген.

Бурынғы нызам ҳүжжетлеринде исбилерменлик субъектлери жумысларында қадағалаў уйымлары тәрепинен өткерилетуғын тексериўлер тийкарынан режели, режеден тысқары ҳәм альтернативлик тексериў түринде өткерилип келинген еди.

Усы пәрманға муўапық, 2017-жылдың 1-январынан баслап усы үш тексериў түриниң биреўи, яғный альтернативлик тексериў улыўма бийкар етилди.

Усы жерде айтып өтиў керек, нызам ҳүжжетлеринде альтернативлик тексериўлер, тексерилип атырған кәрханаға бармастан ҳәм операциялар бирлиги себепли ҳәр қыйлы хожалық жүргизиўши субъектлердеги ҳүжжетлерди бир бири менен салыстырыўдан ибарат болып, тексериўди өткериўдиң мүддети, тәртиби ҳәм әмелге асырылатуғын орны туўралы әмелдеги нызамшылықта анық өлшемлер жоқ еди. Исбилерменлик субъектлериниң жумысларына тийкарсыз түрде араласыўға имканият бериўши бул тексериў түриниң бийкарланыўы ҳәзирги ўақытта исбилерменлик субъектлерин қорғаў кепиллигин кеңейтиўге хызмет етпекте.

Пәрман менен тексериўдиң және бир түрине, яғный режеден тысқары тексериў өткериў тәртибине де әҳмийетли өзгерислер киргизилди. Атап айтқанда, усы жылдың 1-январынан баслап юридикалық шахслардың сапластырылып атырғандағы тексериўден басқа режеден тысқары қысқа мүддетли болмаған, яғный мүддети бир күннен артық болған барлық режеден тысқары тексериўлер бийкар етилди.

Пәрман күшке киргеннен соң 2017-жылдың январь-июль айларында Қарақалпақстан Республикасы бойынша мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен салық нызамшылығының орынланыўы бойынша исбилерменлик субъектлеринде 118 режели, 2 режеден тысқары, жәми        120 тексериў өткерилди. Тексериўлердиң саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 206 ға, яғный 63 процентке азайды (2016-жылдың январь-июль айларында 111 режели, 215 режеден тысқары, жәми 326 исбилерменлик субъектлеринде тексериўлер өткерилген).

Мәмлекетлик уйымлардың, әсиресе, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымларының исбилерменлик жумысларына нызамға қайшы түрде араласқанлығы, тосқынлық еткени, олардың жумысларын тийкасыз түрде тоқтатып қойғаны ушын, лаўазымлы шахслардың жуўапкершилиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларының қатаң түрде орынланыўын тәмийинлеў менен бир қатарда исбилерменлерге жеткерилген зыянды тиккелей айыпкерлерден өндирилиўин тәмийинлеў бойынша жумыслар алып барылмақта».

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.