Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Тәрбия Сейтназарова фестиваль шеңберинде өткерилиўи режелестирилген илимий-әмелий конференцияда қатнасып атырған Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының оқытыўшысы, Өзбекстан халық артисти Муссар Раззақова менен сәўбетлести.

– Мен берунийлимен. Қарақалпақстан – мениң Ўатаным. Гала-концертте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының симфониялық оркестри, белгили композитор, дирижёр Қурбанбай Зәретдинов пенен бирге бирнеше қосықларды атқарыў нийетиндемен. Қосық айтпай қайтпайман, – деди Муяссар Раззақова хабаршымыз бенен сәўбетте.

Сайтымызды оқып барың. Онлайн репортажларымыз даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги