Журналистика тараўындағы ең жоқары сыйлық «Олтин қалам» таңлаўының 2018-жылдағы лауреаты Есимқан Қанаатов Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң (ӨзА) Қарақалпақстан бойынша хабаршысы сыпатында жумыс баслады.

Есимқан Қанаатов усы күнге шекем Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры лаўазымында ислеп келген. Оннан алдын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети баслығы сыпатында жумыс алып барған.

Ол Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети баслығы лаўазымында ислеп жүрген ўақытта (2016-жылы) «Жылдың ең белсенди мәлимлеме хызмети» Республикалық таңлаўының жеңимпазы болған.

 

 

2018-жылы ол басшылық еткен Қарақалпақстан хабар агентлигиниң веб-сайты (kknews.uz) Журналистика тараўындағы ең жоқары сыйлық – «Олтин қалам» Халықаралық Миллий таңлаўында Интернет журналистикасы тараўы бойынша 2-орынды ийеледи.

Есимқан Қанаатов бул таңлаўда бир ўақыттың өзинде еки сыйлыққа ерискен еди, яғный ол Орайлық Азияның Аймақлық экологиялық орайы тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўда «Суў ҳәм экология темасындағы ең жақсы материал» номинациясы бойынша да жеңимпаз деп табылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги