Қазақстан Республикасы өзбекстанлы абитуриентлар ушын 10 мың грант орынларын ажыратқан. Бул ҳаққында Қазақстан президенти Нурсултан Назарбаев май айында Самарқандта болып өткен «Қазақстан билимлендириўи күнлери» илажында билдирген. Бул ҳаққында kun.uz сайты «Народное слово» газетасына тийкарланып хабар тарқатты.

Атап өтилиўинше, өзбекстанлы абитуриентлер Қазақстанның 30 институт, университет ҳәм академияларында жеңилликли рәўиште экономикалық, техникалық, медициналық ҳәм гуманитар бағдарларында билим алыўлары мүмкин болады.

Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет министрликлери арасында жоқары оқыў орынларында берилген жоқары мағлыўмат ҳаққындағы дипломларды өзара тән алыў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.

Самарқандта өткерилген Қазақстан билимлендириўи күнлеринде қоңсы республиканың 15тен артық оқыў орынлары өз презентациялары менен қатнасты.  Бул илажда абитуриентлер оқыў мәкемелериндеги шараятлар ҳәм имканиятлар менен жақыннан танысты.