Нөкис қаласы аймағында 128 гектар жер майданына ийе 12 қойымшылық бар.

Бүгинги күнде ҳәр бир қойымшылықтың кадастрлық ҳүжжетлери тийисли тәртипте ислеп шығылған болып, қойымшылыққа қайыр-сақаўатлардан келип түскен ақшалар банкке тапсырылып, олар ушын арнаўлы есап бети ашылған.

Қойымшылықлардың кирер жеринде  пуқаралар ушын зыярат етиў тәртиплери, қойымшылықтың схемалық картасы көрсетилген тахталар орнатылған. Барлық қойымшылықлар юридикалық мәкеме, кәрханалардың ҳәм пуқаралардың ықтиярлы қайыр-сақаўатларын дизимге алыў, қәбир үсти естеликлерин ҳәм жерлеўди есаптан өткериў китаплары менен тәмийинленген.

Қойымшылықларда өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў мақсетинде өрт өшириў щитлери, тазалықты сақлаў мақсетинде шығынды таслаў қутылары орнатылған.

Пайтахтымызда жайласқан 12 қойымшылық Нөкис қалалық Абаданластырыў басқармасы балансына бекитилген.

Басқарма тәрепинен бүгинги күнде бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

Өткен жылы бюджет тәрепинен қойымшылықларға жәми 9 млн. . 638 мың сум қаржы ажыратылып, «Сәлмен ата», «Шорша», «Қусхана», «Ораз ахун», «Ғаний ата», «Ерқосай», «Шағыр баба», «Сырғалы шейит», «Ақбаслы», «Христиан» қойымшылықлары зыярат етиў орнына ишки оңлаў жумыслары исленип, газ ҳәм электр тармағы менен тәмийинленип, кешки жақтыландырыў үскенелери орнатылды.

– «Сәлмен ата» қойымшылығының улыўма жер майданы 418100 кв.м болып,  зыярат етиў орнына ишки оңлаў жумыслары жүргизилди. Зыярат етиў орны алдына бастырма қурдық. 380 метр тротуар жолдың исленип, асфальтланған жоллар шетлерине бордюрлар қойылды.  Жаңадан дәрўаза қойылып, гүмбез-мақбарасы қайта қапланды. Тилеўхана тамы, қойымшылық әтирапындағы қорған дийўал төбелери шиферланды, – дейди басқарманың қойымшылықлар бөлими жетекшиси Аңсатбай Мустафаев. Қойымшылық ишиндеги, қәбирлер арасындағы жабайы шөплер турақлы түрде тазаланып барылмақта. Ҳәр ҳәптеде жыйналған шығындылар арнаўлы орынларға машиналар  жәрдеминде алып тасланады. Басқарма тәрепинен зыяратшылар ушын қолайлықлар жаратыў бойынша көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў, тазалық жумыслары турақлы түрде жумыслар алып барылмақта.

«Бир елдиң қандай екенин билмекши болсаң, ол жердиң базары менен мазарын көр», -дегениндей қойымшылықлар таза ҳәм абаданластырыў жумыслары жақсы алып барылса ата-бабаларымыздың да руўхлары шад болар еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги