17 жылдан берли газ тармағында жумыс ислеп келген, ҳәзирги күнде исбилерменлик пенен айланысып атырған төрткүлли Маруфжон Ражапбаев тәбийғый газди фильтрлеўши үскене ойлап тапты.

Бул үскенениң әҳмийети соннан ибарат, егер усы үскенени газ тәмийнаты тараўында кеңинен қолланса мәмлекет буннан жылына 380 млрд. сум үнемлей алады.

Ҳәммеге белгили, тәбийғый газ бир қанша басқышларда тазаланыўына қарамастан, тутыныўшыларға жетип барғанға шекем газ қубырларының ишки тәрепи жемирилиўи ақыбетинде пайда болатуғын керексиз шығындылар тиккелей газ есаплағыш механизмине келип түседи. Бул болса, механизмниң бузылыўына, тәбийғый газ көлеминиң дурыс өлшенбеўине, технологиялық жоғалтыўлардың көбейиўине, ийеси анықланбаған реал емес қарыздарлықтың өсип кетиўине алып келмекте.

Өзбекстан Республикасы бойынша 4 миллионнан аслам газ есаплағышлардың  технологиялық жоғалтыўларын күниге шама менен 1 метр кубқа кемейтиў нәтийжесиндеи ийеси анықланбаған газдың сарпланыўы муғдары айына 120 миллион метр кубты, жылына 1440,0 миллион метр кубты қурайды. Нәтийжеде реал емес қарыздарлықты 380 млрд. сумға кемейтиў мүмкин.

Төрткүл районында жайласқан «Safety filtr» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ислеп шығарылып атырған тәбийғый газды фильтрлеўши бул үскенеге Өзбекстан Республикасы Интеллектуал мүлк агентлиги, «Өзстандарт» агентлигиниң муўапықлық сертификаты ҳәм Россия Федерациясының «РосПатент» агентлигиниң патент берилди.

Ҳәзирги ўақытта тәбийғый газды фильтрлеўши бул қурылма Төрткүл районында газ запасынан нәтийжели ҳәм ҳәр тәреплеме үнемли пайдаланыўға хызмет етип келмекте.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы