Пайтахтымызда Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң  республикамыздағы бир қатар районлық орайларына хызмет автомашиналарын тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекистан Республикасы Әдиллик министри Р.Давлетов, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын артырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында Әдиллик министрлиги жанында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги, оның қурамында  Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, қалалық ҳәм районлық орайлары шөлкемлестирилди. Жаңадан шөлкемлестирилген орайлар «бир айна» принципи тийкарында тек исбилерменлик субъектлерине ғана емес, ал, усы жыл апрель айынан баслап физикалық ҳәм юридикалық шахсларға хызмет көрсетеди. Олардың хызмет автомашиналары менен тәмийинлениўи мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын арттырады, оның оперативлигин, ашық-айдынлығын тәмийинлейди. Ең әҳмийетлиси, ең шетки аймақларда жасаўшы пуқаралардың да мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўына кең имканият жаратады. Халыққа «Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» принципине бола мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдеги жаңа система Президентимиздиң «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген уллы идеяның сөзсиз әмелге асырылыўына хызмет етеди, тийкарғы идеяларды белгилеп берди.

Буннан кейин Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң районлық мәмлекетлик хызметлер орайларына хызмет автомашиналары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы