2-февраль күни Жынаят ислери бойынша Хожели районлық судында пуқара Маман Мнажовтың жынаят иси көрип шығылып, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының орайлық Кеңеси тәрепинен қол қойылған меморандумға бола, оған кепиллик хаты тийкарында еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жаза тайынланып, суд залынан азат етилди.

Маман Мнажов Нзаматдинович 1989-жылы туўылған. Ҳәзир пайтахтымыздағы «Жуўазшы» мәкан пуқаралар жыйыны, Жүзим бағ көшесинде жасайды.

Ол Нөкис қаласы Ишки ислер бөлиминиң аға инспекторы лаўазымында ислеген дәўиринде, 2017-жылдың 25-сентябрь күни дәмегөйликте гүманланып, тийисли ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен иркилген.

Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң 210-статьясы 2-бәнти менен судланып, суд процеси усы жылдың январь айында 2 мәрте көрип шығылды. Судтың нәўбеттеги процеси 2-февраль күни болып өтип, ол суд залынан азат етилди.

Бул меморандум ҳаққында Өзбекистан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң юрист-мәсләҳәтшиси Казбек Палўаниязов мағлыўмат берип өтти.

Меморандум 2017-жылы 5-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының орайлық Кеңеси тәрепинен қол қойылған болып, соған тийкар етип Қарақалпақстан Республикасы жынаят, пуқаралық, ҳәкимшилик, экономикалық, Нөкис қалалық әскерий судлары ҳәм Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте  2017-жылдың 20-декабрь сәнесинде қол қойылды.

Меморандумның тийкарғы мақсети – жас пуқаралардың келешекте кәмил инсан болып жетилисиўи, жәмийетте өз орнын табыўы, елимиз раўажланыўына өзлериниң үлеслерин қосыўын тәмийинлеўге шараят жаратыўдан ибарат.

Сондай-ақ, меморандумда билип-билмей жынаят көшесине кирип қалған жасларды кепилликке алыў арқалы еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жаза тайынлаў яки суд залынан азат етиў баслы мақсетлериниң бири есапланады.

Меморандум талапларынан бири болған кепиллик хатын бериў – тек ғана жынаят иси судта көрилип атырған жасларға берилиўи нәзерде тутылған.

Еркинен айырыў жазасы тайынланған жазаны өтеў мәкемелеринде өз жазасын өтеп атырған жасларға кепиллик хатын бериў меморандум талапларына киргизилмеген.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы